20-апрель күни «SpaceX» компаниясына тийисли «Starship» ракетасының әўметсиз пәрўазы себебинен «Тесла» акциялары баҳасы төменлеп кетти. Ақыбетинде дүньяның екинши бай адамы Илон Маск бир түнде 12, 6 миллиард доллар жоғалтты. Бул ҳаққында «Bloomberg» хабар берди.

Мәлим етилиўинше, кеше “Тесла” акциялары баҳасы 9,75 процентке арзанласып, 162,99 долларға түскен. АҚШтың Техас штаты Бока-Цҳика қаласындағы космодромнан тарийхтағы ең үлкен ракета «Starship» ушырылды. Бирақ пәрўаз басланғанынан төрт минут өтип, ол Мексика қолтығы үстинде жарылып кетти.

 

Мунавар Қасимова,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги