Түркия президенти Ражаб Таййиб Эрдўған жер силкиниўден жәбир көрген халыққа жаңа жайлардыӊ гилтлерин тапсырды. Бул ҳаққында Анадолу хабар берди.
Жаңа гилтлер Газиантеп ўәлаяты Нурдаги районының Белпинар аўылы, Қаҳраманмараш ўәлаятының Местхююк ҳәм Туркоғлу Өзбек аўылларындағы халыққа тапсырылған. Эрдўғон пуқараларды Рамазан ҳайыты менен қутлықлаған.
«6-февральдағы жер силкиниўинен 15 күн өтип, жаңа жеке меншик жайлардыӊ тырнағы қаланды. Тәбийғый апатшылық зонасында жәми 507 мың жай ҳәм 143 мың жеке меншик жай қурылады. Олардың 319 мыңы бир жыл ишинде пайдаланыўға тапсырылады.
60 мыңға шамалас жайдыӊ тырнағы қойылды. Бул жумыс үзликсиз даўам етпекте. Бизиң ўазыйпамыз – жер силкиниўинен жәбир көрген пуқараларды барлық қолайлықларға ийе жаңа заманагөй жайларға тезирек көшириў», — деген Түркия президенти.
Азада Қдырбаева,
ҚМУ Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти,
Қарақалпақстан хабар агентлиги