Излениўлерге бола, вакциналар жылына орташа 4,5 миллион адамның өмирин сақлап қалыўға жәрдем береди. Егер шаншыў қураллары жетиспеўшилиги машқаласы шешилсе, 2030-жылға шекем, бул көрсеткиш 30 процентке көтерилиўи мүмкин.

Бирақ ақырғы жыллары, тийкарынан, пандемия дәўиринде дүнья бойынша халықтың вакциналарға болған исеними төменлеп баратырғаны қәўетерли жағдай. ЮНИСЕФ тәрепинен жәрияланған соңғы есабат усы машқала анализине арналды.

Анық болыўынша, социаллық сораўда қатнасқан 55 мәмлекеттен 52 синде үш жыл ишинде балаларды шаншыўға жәмийетшиликтиӊ қызығыўшылығы төменлеген.

Ҳиндстан, Вьетнам, Қытай мәмлекетлеринде иммунизацияның әҳмийетин жоқары,  Япония, Қубла Корея ҳәм Папуа-Жаңа Гвинеяда болса керисинше төмен баҳалаған.

Европа мәмлекетлери арасында Португалия, Швеция ҳәм Ирландия халқының вакциналарға исеними жоқары. Хорватия, Латвия ҳәм Россияда болса буның керисинше бағдары бақланған.

Есабатта келтирилиўине қарағанда, 2019-2021-жыллар даўамында 48 миллион ул-қызлар жуқпалы кеселликлерге қарсы вакцина алмаған. 19 миллион бала болса толық басқышта шаншылмаған.

Бул түрли эпидемиялардыӊ, мәселен, 2021-2022-жылларда қызылша менен кеселлениў көрсеткишлериниӊ еки есеге көбейиўине себеп болды.

 

Дилноза Қалбаева,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги