Денсаўлықты сақлаў министрлиги «Баланың саламат аўқатланыў ҳәптелиги» шеңберинде бир жасқа шекемги балалардың қосымша аўқатланыўы бойынша усынысларды ислеп шықты.
Оннан ата-аналар ушын бир қатар зәрүрли ҳәм керекли мәслаҳәтлер орын алған.
Атап айтқанда :
Бала алты айға толғаннан кейин, шыпакердиң усынысы тийкарында оған ана сүтинен тысқары тысқары шербет ҳәм пюре көринисинде қосымша аўқатлар бериў мүмкин. Себеби тез раўажланып атырған организмниң талаплары ана сүти менен толық қанаатланбайды.
7 айлық болғаннан кейин , оған екинши қосымша аўқат (манналы, гречкалы) берилип, 2 ҳәпте ишинде екинши гезектеги ана сүти оның менен алмастырылады. Бул дәўирде қайнатылған мәйек сарыуўызының ярымын ҳәптесине еки рет, кейин күн ара бериў мүмкин.
Бала 8 айға толғанда оның аўқатлық затларына үшинши қосымша жейтуғын зат ретинде қатық ҳәм творог киргизиледи. Дәслеп, қатық аз-аздан (5-10 грамм), кейинирек болса керекли муғдарда жеткериледи.
9 -айдан баслап нан (печеньелар), алманы бөлекше формасында бериў мүмкин.
10 – айлықтан баслап гөш, майдаланған гөшли фрикаделькалар;
12-айлықтан – пуўда пискен котлетлер бериледи.
Балаға чай бериў мақсетке муўапық емес. Оның орнына мийўе шербети, қайнатылған суў ишкизиледи.
Муслатдинова Фарида,
ҚМУ интернет журналистика 4- курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги