Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында «Ҳаял-қызлардың ҳуқықлары, ерикнликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў» атамасында студент-қызлар менен ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң ушырасыўы өткерилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 14-марттағы «Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында ҳәр ҳәптениң пийшемби күни профилактика күни деп белгиленген еди. Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Транспортта қәўипсизликти тәмийинлеў басқармасы Нөкис аэропорты қәўипсизликти тәмийинлеў бөлими үлкен инспекторы, аға лейтенант Нурбек Мәмбеткаримов, Нөкис қалалық ишки ислер уйымларының жумысын муўапықластырыў басқармасы ҳуқықбузарлықлар профиликтикасы бөлиминиң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша аға инспекторы, подполковник Айжамал Наменова, филиалдың профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.
Илажда сөзге шыққан тараў қәнигелери ҳаял-қызлардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳаққында мағлыўмат берип, турмыслық мысаллар тийкарында ҳаял-қызлар арасында жүз берип атырған жынаятлар, олардың жүзеге келиў себеплери, нызамшылығымызда белгиленген жаза түрлери бойынша кең түрде түсиник берди. Соның менен бирге, билип-билмей исленген ҳәр қандай жынаятқа жаза белгиленгелигин атап өтти.
-Ишки ислер уйымлары ҳуқықбузарлықлар профиликтикасы ҳаял-қызлар мәселелери бойынша бөлимлери тәрепинен мәҳәллелерде социаллық орталықтың турақлылығын тәмийинлеў, халық, әсиресе, ҳаял-қызлар арасында ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятлардың ерте алдын алыў ҳәм ҳәр қыйлы иллетлерге қарсы гүресиў, шаңарақларда саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта, -дейди подполковник А.Наменова. – Бунда бизлерге ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшилер ҳәм профилактика инспекторлары жақыннан жәрдем бермекте.
Ушырасыў қатнасыўшылары тараў қәнигелеринен өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги