Кеше, 24 – апрель күни Жаңа Зеландияда 7, 1 магнитудалы жер силкиниў жүз берди.
АҚШ Геология хызмети мағлыўматларына бола, жер силкиниў эпицентри Тыныш океанының қубла аймағында Кермадек атаўларында болған.
Дәслепки мағлыўматларға қарағанда, жерден 49 километр тереңликте жүз берген 7, 1 магнитудалы жер силкиниўде ҳеш қандай зыян көрилмеген. Жәбирлениўшилер жоқ ҳәм жер силкиниўден кейин цунами ҳаққында ескертиў берилмеген.
Ф.Муслатдинова,
ҚМУ 4- курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги