Конституция – мәмлекеттиң тийкарғы ҳүжжети болып, мәмлекетти басқарыў, ҳүкимет шөлкемлери жумысыниң тәртиби ҳәм принциплери, мәмлекет, жәмийет, пуқараларын ҳуқық ҳәм миннетлемелерин  белгилейди.

Көпшилик дүньядағы дәслепки конституция АҚШта ислеп шығылған деп есаплайды. Бирақ, ең әййемги Конституция Польшада 1792-жылы қабыл етилген. Европа аўқамы  конституциясы болса, Европаның ең жетик қәнигелери тәрепинен  исленген болып, 2004-жылдың июнь айында  Европа аўқамының арнаўлы саммитинде тастыйыйқланған. Ҳүжжет 20  тилге аўдарылған. Ҳиндстанда конституция 1950-жылы қабыл етилген. Ол көлеми бойынша дүнядағы ең үлкен нызам болып табылады.  Японияда конституцияның үш тийкарғы принципи бар: халық суверенитет, инсанның тийкарғы ҳуқықларын ҳүрмет етиў, патсифизм (миллеттиң суверенли ҳуқықы ретинде урыстан бас тартыў. Британия конституциясының айрықша тәрепи мәмлекеттиң тыйкарғы нызамы деп аталатуғын  ҳүжжет жоқ . АҚШ конституциясында “демократия” сөзи  қолланылмаған . Буннан тысқары, қысқа болып, 4, 4 мың сөзден ибарат.

Өзбекстан Республикасы  конституциясы  ҒМДА мәмлекетлери ишинде биринши болып қабыл етилген. Оның тексти 7 мың 543 сөзден  ибарат. Онда «республика» сөзи – 390, Өзбекстан – 354, нызам – 210, мәмлекет – 98, ҳуқық – 90, конституция – 70, пуқара – 66, Президент – 62, Қарақалпақстан – 33, шахс – 32, еркин (лик) – 27, халық – 24, демократия – 7 мәрте қолланған.


Хамре Қдырбаева,

ҚМУдың Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги