Испанияның Барселона қаласындағы Vall d’Hebron емлеўханасында 65 жастағы наўқасқа робот-хирург тәрепинен өкпе көширип өткерилди.
Операция ўақтында жаңа усыл қолланылды. Яғный зыянланған өкпе төс қәпесин ашпастан, наўқастың төс сүйеги астындағы киши кеспе арқалы алып тасланып, орнына жаңасы орнатылди.
Мәлим болыўынша, тек киши кеспе пайда етиў процеси шыпакер тәрепинен орынланған. Қалған барлық жумыслар Да Винчи атлы роботың ” төрт қолы” жәрдеминде әмелге асырылды.
Қәнигелер бул жаңа хирургия технологиясы қәўипсиз болып, көплеген наўқаслардың өмирин сақлап қалыў имканиятын береди, деген пикирде .
Хамре Қдырбаева,
ҚМУдың Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги