Вена қаласында Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми (ЕҚБШ)ниң Адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша альянсының 23-конференциясы болып өтти.
Илажда ЕҚБШға ағза мәмлекетлердиң ўәкиллери қатнасты. Ашылыў мәресиминде ЕҚБШның Бас хаткери Ҳ.Шмид, Арқа Македония сыртқы ислер министри, ЕҚБШның баслығы Б.Османи, Уллы Британияның бурынғы министри ҳәзирги ўақытта усы мәмлекеттиң парламенти ағзасы Т.Мэй, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты комитетиниң баслығы Р.Алимов ҳәм БМШ Бас хаткериниң арнаўлы ўәкили П.Паттен темаға байланыслы баянатларын усынды.
Сенат комитетиниң баслығы Р.Алимов өзиниң сөзинде мәмлекетимизде Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында барлық тараўларда, атап айтқанда, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылғанына тоқтап өтти. Адам саўдасы үлкен әҳмийетке ийе болып, бул иллетке қарсы гүресиўде халықаралық жәмийетшилик тәрепинен системалы ҳәрекетлер алып барылмақта.
Атап айтқанда, Өзбекстан бул иллетке қарсы гүресиўде тараўда институционаллық, шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый ҳәм халықаралық бирге ислесиўди жеделлестириў бағдарында системалы жумысларды әмелге асырмақта ҳәм анық нәтийжелерге ериспекте. Бул бойынша 2019-жылы шөлкемлестирилген Адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бойынша миллий ҳәм аймақлық комиссиялар, сондай-ақ, усы мәселелер бойынша Миллий баянатшы институты шөлкемлестирилген. Өзбекстанда адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бойынша Миллий комиссияның нәтийжели жумысы себепли бул бағдарда бир қатар унамлы нәтийжелерге ерисилди.
Илаж даўамында қатнасыўшылар тәрепинен кейинги жыллары Өзбекстанда тараўда әмелге асырылған реформалар жоқары баҳаланды.
Адам саўдасына қарсы гүресиў, тараўға халықаралық стандартларды енгизиўде ЕҚБШның Өзбекстандағы жойбарлар координаторы менен нәтийжели бирге ислесиў жолға қойылғаны атап өтилди.
Илаж жуўмағында қатнасыўшылар тәрепинен адам саўдасына қарсы гүресиўде регионаллық ҳәм халықаралық ҳәрекетлерди жетилистириў бойынша жаңа жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелиятқа қолланыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Н.Абдураимова, ӨзА