Нөкис районындағы 12-санлы улыўма билим бериў мектебинде усы жылдың февраль айында спорттың таэквондо түри бойынша Бирлескен Араб Әмирликлериниң Дубай қаласында өткерилген ашық бириншиликте чемпионлықты қолға киргизген ҳәм жақында ғана Наманган ўәлаятында өткерилген Өзбекстан бириншилигинде 68 кг салмақ категориясында жеңимпаз болған үмитли спортшы – Шийрин Алланазарова менен ушырасыў кешеси болып өтти. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.

Ушырасыў даўамында жас спортшы қолға киргизген табыслары, чемпионлық шоққысына шекемги басып өткен жолы ҳаққында оқыўшыларға айтып берди. Оқыўшылар да чемпион қыз бенен өз талпыныслары, спортқа болған қызығыўшылықлары ҳаққында сәўбетлести, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги