Президент тәрепинен қол қойылған Нызам (ӨРҚ-831-сан, 19.04.2023 ж.) менен «Банклер ҳәм банк иси  ҳаққында»ғы Нызамға өзгерис киргизилди.

Оған бола, банк устав капиталыныӊ еӊ аз муғдары:

2023-жыл 1-сентябрге шекем 100 миллиард сумды;

2023-жыл 1-сентябрден 200 миллиард сумды;

2024-жыл 1-апрелден 350 миллиард сумды;

2025-жыл 1-январдан 500 миллиард сумды қурайды.

Алдын банк устав капиталыныӊ еӊ аз муғдары 100 миллиард сумды қураған еди.

Нызам рәсмий дағаза етилген күннен баслап күшке киреди.

 

Азизбек Дабылов,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги