Усы жылдың 14-20 апрель күнлери Жаслар ислери агентлиги тәрепинен өзбек тилиниң жәҳән интернет тармағындағы орнын арттырыўға қаратылған “Вики Дем алыў орны” жойбарына старт берилди.

Агентликке бола, жойбар даўамында қатнасыўшыларға қәнигелер тәрепинен өзбекше Википедияга мақала киргизиў көнликпелери үйретилип атыр. Дем алыў орнына шекем Википедияда өзбек тилиндеги мақалалар саны 224 317 ни қураған болса, ҳәзирги ўақытта 233 мыңға жеткен.

Дәслепки үш күнде өсиў саны дерлик 10 мың мақалаға жетип, жәҳән Википедиялар дизиминде 45-орынға көтерилди ҳәм Орайлық Азияда биринши орынға шықты.

 

Бийбиназ Сарсенбаева,

ҚМУдыӊ Интернет журналистика тәлим

бағдарыныӊ 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги