Өзбекстан Республикасы Мәденият ҳәм туризм министрлигинде АҚШтың «Тынышлық корпусы» экспертлеринен ибарат баҳалаў миссиясы менен ушырасыў болып өтти.

Министрликтиң мәлимлеме хызметиниң билдириўинше, ушырасыўда мәденият ҳәм туризм тараўында аймақларды раўажландырыў бойынша алып барылып атырған жойбарлар ҳаққында сөз болды.

Билимлендириў мәкемелериниң жумысы бойынша өз-ара пикир алысылды. Қалаберди, мәденият ҳәм туризм тараўындағы билимлендириў мәкемелеринде шет тиллерге болған талап бойынша да пикирлер билдирилди.

Сондай-ақ, ушырасыў даўамында «Тынышлық корпусы»ның жумысын Өзбекстанда қайта баслаў мақсетке муўапықлығын баҳалаў, атап айтқанда, волонтёрлардың Өзбекстанда болыўына байланыслы шараятларды үйрениў режелестирилгени де атап өтилди.

Буннан соң еки тәреплеме сөйлесиўлер болып өтти. Мәденият ҳәм туризм тараўында алып барылып атырған кең көлемли реформаларға айрықша тоқтап өтилди.

Назокат УСМОНОВА,
ӨзАның хабаршысы