Мәмлекетимизде усы жылдың 30-апрель күни болып өтетуғын сиясий процесс – Өзбекстан Республикасы референдумына таярлық көриў жумыслары қызғын түрде алып барылмақта.

Алдын хабар бергенимиздей, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бюросынан узақ мүддетли бақлаўшылар Қарақалпақстанға келип, сиясий илажға таярлық процесслери менен танысқан еди.

Ал, бүгин болса, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамынан узақ мүддетли бақлаўшы Денис Александрович Варганов  1-Қарақалпақстан округлик комиссиясының жумыслары менен танысып,  Округлик комиссия баслығы У.Жалменов пенен Қарақалпақстанда Өзбекстан Республикасы референдумына таярлық көриў барысы бойынша өз-ара сәўбетлести.


Сәўбет даўамында 1-Қарақалпақстан округи аймағындағы референдум өткериўши участкаларда таярлық жумыслары дерлик жуўмағына жеткерилип, олар даўыс бериўге таяр жағдайға келтирилгени, белгиленген тәртип тийкарында бүгиннен баслап мүддетинен алдын даўыс бериў басланғаны ҳаққында мағлыўматлар берилди.


Сондай-ақ, халықаралық бақлаўшы округлик комиссия ағзаларына ҳәм Баспасөз орайында жаратылған шараятлар менен де жақыннан танысты.

Қарақалпақстан  хабар агентлиги