Хожели районының орайында, район жасларының қатнасыўында жаңаланып атырған Конституциялық нызам жойбары бойынша усы жыл 30-апрель күни өткерилиўи режелестирилген референдумға бағышланып «Өзбекстан – жаслар мәмлекети!» сүрени астында жаслар сейили өткерилди.
Онда сөзге шыққанлар бас Нызамымызға киргизилип атырған өзгерислер менен нормаларға кеңнен тоқтап өтип, олардың барлығы ең дәслеп инсан қәдири ушын екенлигин турмыслық мысалларда атап өтти.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан – жаслар мәмлекети, 30 жасқа шекемги болғанлардың саны 18 миллионнан аслам. Сонлықтан да, Конституцияға жаслар мәселелери бойынша өз алдына баптың киргизилип атырғаны үлкен әҳмийетке ийе.
Елимизде жасларға байланыслы мәселелерде мәмлекетлик сиясат дәрежесинде системалы жумыслардың әмелге асырылып атырғанлығын, бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң қабыл етиленлигин атап өтсек болады. Енди булар Конституция дәрежесинде беккемленип атыр.
Конституциялық нызам жойбарын қәлиплестириўде де жаслар белсене қатнасты, яғный, халықтан келип түскен пикир-усыныслардың 64 проценттен асламы жасларға тийисли болды.
Илаж даўамында жаслар көркем өнер шеберлериниң ҳәм эстрада қосықшыларының атқарыўындағы концерт бағдарламасын тамашалап, кеўилли дем алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги