Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң көргизбелер сарайында пайтахтымыздағы 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби оқыўшыларының «Пәк сезимлер» темасындағы көргизбеси ашылды.

Дәстүрий «Сүўретлеў ҳәм әмелий қол өнери ҳәптелиги-2018» шеңбериндеги  илажды өткериўдеги мақсет, оқыўшы-жаслардың көркем өнерге болған қызығыўшылығын арттырыў арқалы оларда ана Ўатанға сүйиспеншилик, миллий қәдриятларымызға ҳүрмет сезимлерин оятыў болып табылады.

Көргизбеде 16 оқыўшының  83 графикалық және мүсиншилик мийнети қойылды. Олардан жас талант ийеси Ильяс Есбосиновтың «Мениң аўылым» жумысында аўылдың бүгинги турмысы сүўретленген болса,  Айзада Айтбаевның «Натюрморт» жумысында миллий нағыслар менен берилген басқурт үстиндеги түрли мийўе ҳәм үй-руўзыгершилик буйымлары итибарды өзине тартады. Сондай-ақ, Арухан Мақсетбаеваның «Жаз мәўсими», Султан Рахимовтың «Этюд», Зухрад Муратбаевтың «Қыс», Әлима Пахратдинованың «Қысқы ойын» ҳәм басқа да оқыўшылардың мийнетлери келип көриўшилерде айрықша қызығыўшылық оятары сөзсиз.

Еслетип өтемиз, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде «Устаз-шәкирт» бағдарламасы бойынша жумыслар жақсы жолға қойылған. Усы мектептиң оқытыўшысы Әдилбек Шамуратовтың шәкиртлери республикалық таңлаў және фестивальларға белсене қатнасып, жақсы табысларға ерисип келмекте. Олардан бир қатары бүгинги күни оқыўын Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжинде, Ташкент қаласындағы П.Беньков атындағы республикалық сүўретлеў өнери колледжинде, К.Бекзод атындағы миллий сүўретлеў ҳәм дизайн институтында даўам етпекте.

 

 Қарақалпақстан хабар агентлиги.