Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 3-августтағы «Өзбекстан Республикасының миллий статистика системасын және де жетилистириў ҳәм раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, статистика уйымларын талап жоқары болған сапалы ҳәм исенимли мағлыўматларды қәлиплестириўге, статистикалық мағлыўматлардың  ашық-айдынлығын тәмийинлеўши профессионал, бийғәрез хызметке айландырыў белгиленген.

Мәмлекетимизде статистика тараўында бирден-бир сиясатты әмелге асырыўға қаратылған ҳуқықлар менен миннетлемелерди беккемлеў арқалы Өзбекстан Республикасы статистика комитети рәсмий статистиканы жаратыўға байланыслы өз ҳуқықларын барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелерден бийғәрез түрде әмелге асырыў тәртиби орнатылды.

– Онда статистика уйымларының нызамлы жумысларына, соның ишинде, рәсмий статистикалық есабатларды ҳәм бақлаўларды өткериўине ҳәм оларды баспадан шығарыўына ҳәм жәриялаў процесслерине ҳәр қандай араласыўларға жол қойылмайды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы статистика  басқармасы Сыртқы Экономиклық байланыс ҳәм саўда статистикасы бөлиминиң бас қәнигеси Айзада Мамутова.

Мәмлекетлик статистикалық комитет тәрепинен жаратылған статистикалық мағлыўматлар рәсмий статистикалық мағлыўмат сыпатында жәрияланады.

Республикамыз бойынша сыртқы саўда айланысы 2023-жылдың январь-март айларында 123,7 млн. АҚШ долларын, соннан 68,6 млн. АҚШ долларын-экспорт операциялары, 55,1 млн. АҚШ долларын-импорт операциялары қурады.

Сыртқы саўда айланысының сальдосы 13,4 млн. АҚШ долларын қурады. Республиканың сыртқы саўда айланысындағы ең үлкен үлести Қытай Халық Республикасы ийелеген болып, 2023-жылдың январь-март айларында 28,1 млн. АҚШ доллары муғдарында сыртқы саўда операциялары, соннан 13,5 млн. АҚШ долларлық экспорт операциялары ҳәм 22,7 млн. АҚШ доллары муғдарындағы импорт операциялары әмелге асырылған.

Сондай-ақ, 2023-жылдың январь-март айларында республика сыртқы саўда айланысында, Россия Федерациясы, Түркия, Қазақстан ҳәм Латвия мәмлекетлериниң де үлеси артып бармақта.

Экспорт қурамында ең үлкен үлести химиялық өнимлер (65,4%), азық-аўқат өнимлери (9,5%), ал импорт қурамында болса машина ҳәм әсбап-үскенелер (30,6%) ҳәм басқа өнимлер (23,5%) қурайды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги