Жаңаланып атырған Конституциялық нызам жойбарына бағышланған үгит-нәсият илажы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы Қараөзек агроэкономика техникумында да болып өтти.
Онда Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Б.Алдамуратов, Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң депутатлары Н.Тлеумуратов, А.Темирханов ҳәм ӨзЛиДеП Қараөзек районлық Кеңесиниң аппарат баслығы М.Абдиганиев, районлық үгит-нәсият топарының ағзалары, техникум оқытыўшылары ҳәм жаслар қатнасты.
Ушырасыўда жаңаланып атырған Конституциямыздың әҳмийетине кеңнен тоқтап өтилип, ондағы өзгерислер ҳәм нормалар бойынша мағлыўматлар берилди.
Атап өтилгениндей, жаңаланып атырған Конституцияның 79-статьясында мәмлекет жаслардың жеке, сиясий, экономикалық, социаллық, мәдений, экологиялық ҳуқықлары қорғалыўын тәмийинлейтуғынлығы, олардың жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыста белсене қатнасыўын хошаметлейтуғынлығы көрсетилген. Мәмлекет жаслардың интеллектуаллық, дөретиўшилик, физикалық ҳәм әдеп-икрамлылық жақтан қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы ушын олардың билим алыўына, денсаўлығын сақлаўға, турақ жайға, жумысқа орналасыўына, бәнтлик ҳәм дем алыўға болған ҳуқықларын әмелге асырыўына шараятлар жарататуғынлығы белгиленген.
Әсиресе, жаңаланып атырған Конституциямызда жаслар мәселеси биринши мәрте өз алдына бап болып киргизилип атыр. Бүгин турмыста өз орнын табыўға қыйналып атырған, жолдан адасқан, жәрдемге мүтәж жасларымыз да бар. Олардың бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменлик тараўында зәрүр билим ҳәм тәжирийбе жетиспеўшилиги машқалалары әҳмийетлилиги менен қалып кетпекте. Енди жаслар өз ҳуқықларын әмелге асырыўда мәмлекетке сүйениўи мүмкин. Себеби, усы жаслардың ҳуқықларын қорғаўды мәмлекет өзиниң Тийкарғы нызамында беккемлемекте.
Жаңаланып атырған Конституциямызда жаслардың өз ҳуқықларын әмелге асырыў ушын мәмлекет тәрепинен шараятлар жаратыў бойынша миннетлемесин белгилеў, олардың ертеңги күнге болған исенимин арттырады. Илажда жаслардың да пикир-усыныслары тыңланып, олар референдум бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги