Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Статистика агентлиги баспасөз хызметиниң мағлыўматларына бола, Өзбекстан 2023-жылдың январь-февраль айларында 9 сырт ел мәмлекетлерине 7,9 млн АҚШ долларына тең болған 3,4 млн аяқ кийим экспорт  еткен.

Аяқ кийим көлеми  өткен жыл менен салыстырғанда 2,4 млн АҚШ долларға көбейген.

2023-жылдың 2 айында Өзбекстан ең көп аяқ кийим экспорт  еткен мәмлекетлер дизиминде Қырғызстан Республикасы – 1, 5 млн доллар менен биринши орынды ийелеп тур. Сондай-ақ, мәмлекетимизде ислеп шығарығлан аяк кийимлерге Қазақстан, Тәжикстан ҳәм Әзербайжан Республикаларында да  талап артып баратырганлыгын көриўимизге болады.

Ал, аймақлар кесиминде болса, Әндижан ўәлаяты – 4,6 млн АҚШ доллары менен биринши, Ферғана-1,0 млн АҚШ доллары менен екинши,  758 мың АҚШ доллары менен Самарқанд ўәлаяты үшинши орынды ийелеп тур.

 

Ф.Муслатдинова,

ҚМУ 4- курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги