Google компаниясына тийкар салынғанына 25 жыл болды. Технологиялар дүньясында бул жүдә көп жас болып есапланады. Сол мүнәсибет пенен сайтымыз арқалы ең тийкарғы системаға ийе 7 қызықлы, тәкирарланбас мағлыўматты усынамыз.

  1. Ларри Пейж ҳәм Сергей Брин 1998-жылы Google фирмасына тийкар салды. Компания сол жылы 4-cентябрьде дизимнен өткерилген, бирақ 2006-жылдан баслап Google 27-сентябрьде пайда болған күн деп белгилейди.
  2. Бүгинги күнде Google компаниясында 72 мыңнан артық адам ислейди.
  3. Google саны «гугол» сөзинен алынған болып, 100 нолли санды аңлатады.
  4. Google мағлыўматларына бола, Google Search индексинде 100 млрдлап веб-бетлер бар. Олардың көлеми 100 мың Гбдан артық.
  5. «Тийкарғысы — пайдаланыўшыларға дыққат қаратыў, қалғаны бола береди» — бул Google компаниясының баслы философиясы.
  6. Google АҚШтағы ең жақсы 10 мобиль қосымшадан бесеўине ийелик етеди: YouTube, Google Play, Google Maps, Gmail ҳәм Google Search.
  7. Google жасалма интеллект жәрдеминде жаратылған болып, келешекте роботлар Жерди ийелеп алыўы бойынша қәўетерлерде бар.

 

Фатима Рейимбаева,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги