Спорт гүреслери бойынша Қазақстанныӊ Астана қаласында болып атырған Азия чемпионатында және бир спортшымыз қола медальды қолға киргизди.

Атап айтқанда, ҳаял-қызлар гүреси бойынша -53 килограмм салмақта қатнасқан Аңтеңге Кеўлимжаева қола медалы ушын қытайлы Ли Дэн менен гүрес алып барды. Ол дәслеп  2:6 есабында утылып атырған болса да, кейин ала бар имканиятынан пайдаланған ҳалда, беллесиўди 9:6 есабында өзиниң пайдасына шешти.

Еслетип өтемиз, буннан алдын  қарақалпақстанлы Жалғасбай Бердимуратов -87 килограмм салмақ категориясында қола медальды қолға киргизген еди.


Индира ҚАДИРБЕРГЕНОВА,

ҚМУ, Интернет журналистика бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги