Елимизде имканияты шекленген пуқараларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, паралимпия спорт түрлериниң географиясын және де кеңейтиў бағдарында системалы жумыслар алып барылмақта.

Усы жылдың 9-11-апрель күнлери аралығында парақылышласыў бойынша шөлкемлестирилген Қарақалпақстан ашық чемпионаты да усы мақсетке қаратылды.

Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебинде өткерилген беллесиўде  15 ке шамалас пара спортшы жеңис ушын гүрести.

Парақылышласыў бойынша сайланды команданы шөлкемлестириў мақсетинде өткерилген илажда ул балалар арасында Шыршық спорт мектебиниң оқыўшысы Дәстан Давронов, қызлар арасында Нөкис олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайының оқыўшысы Гүлбану Жуманиязова республикалық басқышқа жолламаны қолға киргизди.



Бүгин Нөкис қаласында өткерилген Қарақалпақстан Республикасы ашық чемпионатына арбашада қылышласыў бойынша бес ул баладан ибарат спортшыларды алып келдик, -дейди Ташкент ўәлаяты Шыршық олимпия ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайының ҳәм Шыршық спорт мектебиниң тренери Cайитбек Жийенбаев. – Беллесиў Президентимиздиң «Паралимпия ҳәрекетин раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарын орынлаў, параспортшыларды Азия чемпионаты ҳәм Паралимпия ойынларына алып шығыў мақсетинде өткерилди. Бул екинши жарысымыз, енди Өзбекстан чемпионатына қатнасып, сайланды командаға қәбилетли спортшыларды таярлап беремиз, деген үмиттемиз. Бүгинги күнде Қарақалпақстанда арбашада қылышласыўды раўажландырыўға үлкен итибар қаратылмақта. Хабарыңыз бар, саламат спортшылар арасында қылышласыў бойынша қарақалпақ спортшылары жүдә күшли болып, арбашада қылышласыў спорт түри бойынша да қарақалпақ спортшылары өзлериниң шеберликлерин көрсетти.

-Бүгинги күнде парақылышласыў менен турақлы шуғылланып атырман, -дейди Нөкис қаласынан қатнасыўшы Дәстан Жумамуратов. – Қарақалпақстан ашық чемпионатында жақсы нәтийжелер көрсеттим. Жарыста үш қыз ҳәм үш ер бала спортшылар Қарақалпақстанымыздың абырайын қорғадық. Қылышласыў спорты менен жақында шуғылланыўды басладым. Алдын байдаркада ескек есиў, пара каноэ, пара пауэрлифтинг ҳәм басқа да спорт түрлери менен шуғылланған едим.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом, медаль ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги