Өзбекстан Республикасы Тәбият ресурслары министрлиги, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы, Өзбекстан композиторлар ассоцациясы Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 32 жыллығына бағышлап

«Ана тәбият гимни»

Дөретиўшилик жумыслар таңлаўын жәриялайды

Таңлаўға елимиздиң бийтәкирар тәбияты, бийик таўлары, тоғайлары, дәрьялары, бийбаҳа миллий тәбият бағлары, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы, жер ҳәм жер асты байлықлары жырланған қосықлар қабыл етиледи.

Авторлар дөретиўшилик жумысларды 20-апрельге шекем Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының badiiy_adabiyot@mail.ru почтасына жибериўи керек.

Таңлаўда сайлап алынған ең жақсы қосыққа музыка жазылып, Тәбият гимни жаратылады. Тәбият гимни қоршаған орталықты қорғаўға бағышланған барлық илажлар, экологиялық акциялар шембиликлерде атқарылады.

Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери төмендеги муғдарда ақшалай сыйлық, диплом ҳәм баҳалы естелик саўғалары менен сыйлықланады:

1-орын (биреў) – 15 миллион сум;

хошаметлеўши сыйлықлар (бесеў) – 5 миллион сумнан.

Таңлаў шәртлери ҳаққында төмендеги силтеме арқалы билип алыўыңыз мүмкин: https://telegra.ph/Ona-tabiat-…

Таңлаў жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелерин сыйлықлаў мәресими 5-июнь – Пүткил жер жүзилик қоршаған орталықты қорғаў күни алдында өткериледи.

Таңлаўға усыныс етилген қосықлар сақланып, Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 32 жыллығы байрамы алдында китап ҳалында басып шығарылады.

Қосымша мағлыўмат ушын:

Тәбият ресурслары министрлиги: (71) 207 07 70 (1055), (94) 612 98 40

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы: (71) 231 83 67

Қарақалпақстан хабар агентлиги