Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 5-апрельдеги «Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Жазыўшылар аўқамында илаж болып өтти.

Оған мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, шайыр ҳәм жазыўшылар, әдебияттаныўшы илимпазлар, жас дөретиўшилер, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Президентимиздиң «Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарын Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Х.Султанов оқып еситтирди ҳәм онда белгиленген ўазыйпалар бойынша толық түсиник берди.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен барлық тараўлардың қатарында әдебият, көркем өнер ҳәм мәденияттың раўажланыўына айрықша итибар қаратылмақта. Өзбекстан Республикасын 2017-2021-жылларда раўажландырыў бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгилеп берилген тийкарғы ўазыйпаларды, соның ишинде, «Мәмлекет – руўхыйлықтың бас қәўендери», деген тийкарғы принцип турмысқа избе-из енгизилмекте. Президентимиздиң 2017-жыл 3-августтағы Өзбекстан дөретиўши зыялылары ўәкиллери менен ушырасыўында алға қойылған ўазыйпалардың орынланыўы бойынша әҳмийетли ҳүжжетлер қабыл етилип, үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Әсиресе, Президентимиздиң елимиздеги жетекши дөретиўшилик шөлкемлердиң «Дослар клублары»н шөлкемлестириў, оларға ири кәрхана, банк ҳәм компанияларды қәўендер сыпатында бириктириў, шәртнама тийкарында олардың турақлы бирге ислесиўин жолға қойыў басламасы бүгин өз нәтийжесин бермекте.

Миллий әдебиятымыздың раўажланыўын жаңа басқышқа көтериў бойынша да кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Соның ишинде, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының «Дүрмен» дөретиўшилик үйи ҳәм поликлиникасы  түп-тийкарынан реконструкцияланды. Аўқам жанынан «Ижод» жәмийетлик қоры дүзилди. Пайтахтымызда Жазыўшылар қыябаны қурылды, Жазыўшылар аўқамы ушын жаңа имарат қурылып, аймақларда уллы жазыўшыларымыздың исми менен аталған дөретиўшилик мектеплери, мәденият ҳәм дем алыў бағлары жаратылмақта. Белгили жазыўшылардың юбилей сәнелери кеңнен белгиленбекте, талантлы жасларды тәрбиялаў, оларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде түрли дөретиўшилик әнжуманлар өткерилмекте. Жас шайыр ҳәм жазыўшылардың биринши китаплары мәмлекет есабынан көп мың тиражларда басып шығарылып, билимлендириў мәкемелерине ҳәм китапханаларға жеткерип берилмекте. Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыўды ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бағдарында избе-из жумыслар әмелге асырылмақта. Туўысқан халықлардың уллы жазыўшыларының дөретиўшилик мийрасын кеңнен үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў, туўылған күнлерин белгилеў бойынша әҳмийетли ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи халықларымыз арасындағы мәдений-әдебий байланысларды буннан былай да раўажландырыўға хызмет етеди.

Президентимиздиң «Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары бул бағдардағы жумыслардың логикалық даўамы болып табылады.

Илажда Жазыўшылар аўқамы баслығы М.Аҳмедов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы баслығы К.Каримов, Өзбекстан халық шайыры М.Тоир, жас дөретиўши Н.Жўраев, М.Аббосова ҳәм басқалар руўхыйлығымызға жоқары итибардың айқын көриниси болған бул тарийхый қарар әдебиятымыздың раўажланыўы жолында жаңа басқышты баслап беретуғынын айрықша атап өтти.

Қарарда атап өтилгениндей, өзбек әдебиятының бүгинги раўажланыўында 80 жылдан аслам тарийхқа ийе, елимиздеги абыройлы дөретиўшилик шөлкемлерден бири есапланатуғын Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының мүнәсип орны бар. Ҳәзирги ўақытта Жазыўшылар аўқамының тийкарғы жумыс бағдарлары, оның Режеси ҳәм структуралық дүзилиси  бүгинги дәўир талапларына толық жуўап бермей атыр. Базар экономикасы ҳәм глобалласыў процесслерине байланыслы ҳәзирги қыйын шараятта Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы ағзаларының турмыслық мәплерин тәмийинлеў, олардың жәмийетти раўажландырыў ушын шексиз әҳмийетке ийе болған машақатлы дөретиўшилик мийнетин мүнәсип қәдирлеў, әдебият ҳәм көркем өнер тараўын ҳәр тәреплеме раўажландырыў, көркем дөретиўшилердиң жәмийетимиз турмысындағы орнын ҳәм тәсирин күшейтиў, талантлы жас дөретиўшилерди системалы тийкарда тәрбиялаў ҳәм басқа да оғада әҳмийетли бағдарларда қалақлыққа жол қойылмақта.

Жигирма төрт бәнттен ибарат бул тарийхый ҳүжжетте Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының жумысын жетилистириў ҳәм оның жумыс нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў, аўқам ағзаларының жәмийетлик-руўхый белсендилигин ҳәм жуўапкершилигин арттырыў, оларды жоқары дәрежедеги көркем шығармалар дөретиўге хошаметлеў, олардың материаллық ҳәм руўхый мәплерин, авторлық ҳуқықларын қорғаў, аўқамның абыройын ҳәм жоқары статусын мүнәсип сақлаў, оның қурамының сапасын жақсылаў мақсетинде шөлкемге ағзалыққа қабыл етиў бойынша заманагөй ҳәм тәсиршең өлшемлерди белгилеў, жас талант ийелерин излеп табыў, олардың талантын жүзеге шығарыў, дүнья әдебиятының ең жақсы үлгилерин өзбек тилине аўдарыў ҳәм басып шығарыў, классикалық ҳәм заманагөй әдебиятымыздың ең таңламалы үлгилерин шет тиллерге аўдарыў ҳәм шет тиллерде үгит-нәсиятлаў системасын жаратыў, өзбек тилиндеги Интернет әдебиятын қәлиплестириў сыяқлы оғада әҳмийетли ҳәм баслы ўазыйпалар белгиленген.

– Елимизде соңғы жылларда жүз берип атырған үлкен өзгерислер биз, дөретиўшилерди толқынландырып жибермекте. Президентимиздиң жумысында халықтың кеўлине жол табыў, адамлардың дәртин тыңлаў, машқалаларды шешиў менен бирге, руўхыйлығымызға, әдебиятқа, көркем өнерге үлкен итибар айқын көзге тасланып атырғанының гүўасы болмақтамыз, – дейди «Ёшлик» журналының бас редакторы, шайыр, Нодир Жонузоқ. – Булар бир-бирине өз-ара байланыслы екенин атап өтиўди қәлер едим. Себеби әдебият халықтың кеўлин үйренеди, адамлардың қәлбин жарқын бояўларда жеткериўге хызмет етеди. Мәмлекетимиз басшысының «Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары әдебиятқа итибардың ең жоқары үлгиси болды. Қарардың ҳәр бир бәнтинде әдебият әлемин ҳәр бир тәрепине терең кирип барылған. Әсиресе, әдебий басылымлар редакцияларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, олар менен жетекши кәрханалар арасында «Дослар клублары»н дүзиў ўазыйпалары белгилеп қойылғаны әдебият басылымлары хызметкерлерин оғада қуўанышқа бөлеп жиберди. Бүгин кеўлимиз қуўанышқа, миннетдаршылыққа толған күн. Бул бизге үлкен йош дереги болып хызмет етпекте.

– Бүгин дөретиўшилердиң жүрегинде мақтаныш, қуўаныш сезимлери атлығып тур, – дейди Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы Сырдәрья ўәлаяты бөлиминиң басшысы, Өзбекстанда хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Ҳаётхон Ортиқбоева. – Президентимиздиң әдебиятымыздың раўажланыўын жолындағы әҳмийетли қарары Өзбекстан Жазыўшылар аўқамына жаңа руўх, жаңа өмир бағышлады. Ҳүжжеттиң мазмунына терең нәзер салатуғын болсақ, оның тийкарында дөретиўшилерге жоқары итибар ҳәм ҳүрмет, халықтың мәдениятын буннан былай да арттырыў мақсети жәмленгенин көриў мүмкин. Бул қарар бизди буннан былай да көбирек дөретиўшиликке шақырыў менен бирге, жас талант ийелерин, әдебиятымыздың жаңа әўладын тәрбиялаўда үлкен әҳмийетке ийе.

– Бул тарийхый ҳүжжет ҳәр бир дөретиўшини өз жумысына еле де жуўапкершилик пенен қараўға шақырады, – дейди Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, шайыр Фахриддин Ҳайит. – Президентимиз биз, дөретиўшилерге усындай итибар ҳәм ғамқорлық көрсетип атырған екен, бул итибарға өз шығармаларымыз бенен мүнәсип жуўап бериўди парызымыз деп билемиз.

Усы күни «Дүрмен» дөретиўшилик үйинде дөретиўшилер ушын байрам илажы шөлкемлестирилди. Онда Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының жаңа ағзаларына ағзалық гүўалықлары тапсырылды.

– Бүгин әдебият халқы ушын үлкен байрам. Күни Кеше мәмлекетимиз басшысы тәрепинен әдебиятымызды, мәдениятымызды жетилистириў жолындағы әҳмийетли ҳүжжетке қол қойылғаны бәршемизди қуўандырып жиберди, – дейди аўқам ағзасы, жазыўшы Нурилла Чори. – әсиресе, мен ушын бүгин еки есе қуўаныш. Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының жаңа туўылған күни, деп тән алынып атырған сәнеде аўқам ағзалығына қабыл етилгенин, устазларым мени өзлериниң қатарына мүнәсип көргенинен қуўанышлыман. Бул еле де тынбай излениўге, әдебиятымызға мүнәсип үлес қосыў жуўапкершилиги менен жасаўға шақырады.

Илажда көркем өнер хызметкерлериниң қатнасыўында концерт бағдарламасы қойылды, дөретиўшилер ушын байрам дәстүрханы жайылды.

 

Байрам АЙТМУРАТОВ,

ӨзАның хабаршысы