Қарақалпақстан Республикасының жәмийетлик-сиясий турмысында ең уллы сәнелердиң бири – Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн барлық орынларда жоқары көтериңкилик пенен белгиленбекте. Быйыл оның қабыл етилгенине  25 жыл толды. Усы сәнеге байланыслы өткерилип атырған мәдений-ағартыўшылық илажларда тийкарғы Нызамымыз халық мәпи ушын хызмет ететуғыны атап өтилмекте.

Себеби, Конституция демократиялық ҳуқықый мәмлекет қурыўға, тынышлықты-татыўлықты тәмийинлеўдей ийгиликли мақсетлерге хызмет етпекте. Соның менен бирге, Конституциямыз халқымызды бирлестириўши, миллетлераралық дослықты беккемлеўши, уллы дөретиўшилик ислерге руўхландырыўшы ҳуқықый ҳүжжет болып есапланады.

Өзинде инсаныйлық идеяларды жәмлеген, инсан ҳуқықларын ҳәм ҳүждан еркинлигин тәмийинлеўши бул нызамның ҳәр бир статьясы инсан мәпи ушын хызмет етиўи менен әҳмийетли есапланады. Бүгинги күнде усы конституциялық нормалардың әмелде орынланыўын тәмийинлеўге, халқымыздың турмыс абаданлығын арттырыўға қаратылған бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди.

Конституция – мәмлекетлик ҳәкимияттың бөлиниўи тийкарында әмелге асырылыўын белгиледи, пикирлердиң көп түрлилигине ҳәм көп партиялылыққа тийкар жаратты. Мәмлекет сиясатындағы түпкиликли өзгерислерди өзинде сәўлелендирген усы Конституцияда базар қатнасықларына тийкарланған жәмийеттиң экономикалық негизи болған жеке мүлкшилик, еркин исбилерменлик сыяқлы институтлар беккем тийкарға ийе болды.

Усы жыл 9-апрель күни пайтахтымыздағы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында  усы байрамға бағышланған салтанатлы мәжилис ҳәм байрам концерти болып өтти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң баслықлары, республика ҳүкиметиниң ағзалары, министрликлер менен ведомстволардың басшылары, жоқары билимлендириў мәкемелериниң профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери атқарылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Сағындық Турманов шығып сөйлеп, жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенлигиниң 25 жыллығы менен қызғын қутлықлап, байрамға арнап баянат жасады.

Илажда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Юлдуз Турсунбаева, шайыр Жуманияз Өтениязов қутлықлаў сөз сөйледи.

Салтанатлы мәжилис қатнасыўшыларына елимизге белгили көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы «Конституция – ғәрезсизлигимиз, бахтымыз тийкары» атлы концерт бағдарламасы қойып берилди.

– Конституция биз жаслардың келешегимизди беккем қурыўымызға үлкен фундамент болып, онда жазылған ҳәр бир сөз биз ушын оғада қәдирли. Бүгин мен республикамыз жасларының атынан биз ушын жаратылған имканиятлардан утымлы пайдаланып, Президентимиздиң, халқымыздың исенимин ақлап, өзимиздиң бар күш-жигеримизди елимиздиң раўажланыўы ушын жумсаўға ҳәм дүнья жәмийетшилиги арасында елимиздиң абыройын еле де арттырыўға бәрқулла таярмыз, деп беккем исеним менен айта аламан,-дейди Ю.Турсунбаева.

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы күнине бағышланған байрам илажлары барлық қала ҳәм районларда, жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларында, мийнет жәмәәтлеринде кең түрде белгиленип өтти.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.