дебдиў

(Қарақалпақстанға мийнети сиңген журналист, «Еркин Қарақалпақстан» газетасының арнаўлы хабаршысы, «Жеткиншек» газетасы бас редакторы 47 жасында атыөшкир вирус бизден алып кеткен А. Ембергеновтың естелигине)

– Устаз, маған неге “4” қойдыңыз?”

– Бул сораў еле қулағымда!

“Что то не хватает” дегенмен сонда.

Бүгин: “әкел, зачеткаңды, “5” қояйын!”десем,  өзиң жетиспей турсаң, иним!…

– Не бар еди оншама жақсы бола берип!

Өзиңди ҳеш ойламай, бәрҳама өзгелерди деп, шийрин жаныңды отқа сала берипсең, жан иним! – деп  “замечание” берейин десем, өзиң жоқсаң!

Мен билген Абдулла Ембергеновтың билмеген қәсийетлери көп екен, ол Абдулла анағурлым бийикте, Адамгершилик таўының шыңында жасап өткен екен!…

50 жасыңды өзиңсиз нышанладық. Кешеги кешеге өзиң жетиспедиң!

Маржангүлиң, улы-қызың,досларың, өмирдеги, редакциялардағы, мектептеги устазларың, ағаларың, апаларың, қарындасларың, балдызларың, қуда-қудағайларың, алысларың, жақынларың, қоңсы-қобаларың, шәкиртлериң-бәри-бәри СЕНИ еследи!

Бул еслеўлер жүрегимди елжиретти, Қудай да жақсыларды терип-терип алып кете берер екен!

Рейимсиз Әжел деген наймыт!

Негедур, сол баяғы нәўқыран студент Абдулла менен сәўбетлескендей болдым. Улың, өзиңнен айнымаған улың бар екен, Маржангүлиңе рийза болдым, кишкене Абдулланы саған-бизге сыйлағаны ушын! Алланың бергени, бергенлери, бережақлары саў болсын!

Демек, сен еле арамызда жасайсаң, умытылмайсаң!..

Тамара Машарипова,

филология илимлериниң докторы.

31.03.2023. Нөкис. Бердақ атындағы қарақалпақ

әдебияты тарийхы музейи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги