30-март күни Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри, академик Иброҳим Абдураҳмонов Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде заманагөй инкубация ҳәм акселерация орайының ашылыў мәресиминде қатнасты.
Соңғы жыллары мәмлекетимизде мәлимлеме системаларын жаратыў, мәмлекет ҳәм жәмийеттиң барлық тараўында заманагөй информация-коммуникациялық технологиялардан пайдаланыў көлемин кеңейтиў бойынша нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта. Орайдың баслы мақсети университет жаслары арасында стартап жойбарларды раўажландырыў, қәбилетли жаслардың илимий ҳәм инновациялық идеяларын қоллап-қуўатлаў ҳәм коммерцияластырыўдан ибарат.
Министр профессор-муғаллимлер ҳәм студентлер менен сәўбетлесип, билдирилген усыныслар ҳәм көтерилген мәселелер бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги