Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң 2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалар ҳәм кеңейтилген түрде өткерилген мәжилис протоколының орынланыўын тәмийинлеў бойынша өткен дәўир даўамында кең көлемли жумыслар әмелге асырылды.

Қарақалпақстан Республикасы аймағында социаллық ҳәм инфраструктуралық объектлер ушын ажыратылатуғын 545 миллиард сум қаржы есабынан әмелге асырылатуғын 348 социаллық тараў ҳәм инфраструктура объектиниң жойбарлаў-смета ҳүжжетлери ислеп шығылып, барлық объектлерге мәмлекетлик экспертиза жуўмақлары алынды. Сондай-ақ, Кегейли районында 1 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң объекти тендер саўдаларына жайластырылды ҳәм Нөкис суў тазалаў имаратының объекти комплексли экспертизаға берилди. Ҳәзирги күнде 346 объект тендер саўдаларына жайластырылып, 294 объектлерде тендер саўдалары жуўмақланды.

Нөкис қаласындағы мәҳәллелерди «Шымбай гүзары» мәкан пуқаралар жыйыны үлгисинде абат мәҳәллеге айландырыў бойынша «Жол картасы» ислеп шығылып, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықланды. Буннан тысқары, Нөкис қаласындағы 7 («Қоскөл», «Қум аўыл», «Бозаўыл», «Қызылқум», «Қутлы мәкан», «Телеорай», «Жекетерек») мәкан пуқаралар жыйынларында қурылыс ҳәм кең абаданластырыў жумысларын әмелге асырыў ушын 75 миллиард сум қаржы ажыратылды. Сондай-ақ, мәҳәллелерге жәми 75 миллиард сум қаржы ажыратылды. Сондай-ақ, мәҳәллелер аймақлары жәми 0,815 километр жол шығанақлы қум менен тегисленип, қум-шағыл тас араласпасы төселди. Мәҳәллелерде жәми 286 электр тармағы жаңадан тартылды. 4,3 километр электр тармағы ҳәм 6 трансформатор оңланды. Жәми 9289 хожалықтан 99,8 проценти, яғный 9275 си ишимлик суўы менен тәмийинленди. Мәҳәллелерде 180 спорт майданшасы ҳәм оның әтирапында киши хызмет көрсетиў объектлерин шөлкемлестириў бойынша Нөкис қаласы ҳәм районлар ҳәкимликлери тәрепинен мәҳәллелер кесиминде жер майданларын ажыратыў бойынша жумыслар алып барылмақта.

Сапар даўамында берилген тапсырмалар ҳәм 25-февраль күни өткерилген мәжилис протоколының 13.1.1-бәнтине тийкарланып, Нөкис қаласы ишимлик суў тазалаў имаратын реконструкциялаўға 10 миллиард сум қаржы ажыратылыўы бойынша мәнзилли дизим тастыйықланды. Қарақалпақстан Республикасы бойынша орайласқан ишимлик суўы жетип бармаған 208 мәҳәлле толық хатлаўдан өткерилип, оларда ишимлик суў  тармақларын қурыў, қудық қазыў ҳәм суўды тереңлестириўши станцияларды қурыў бойынша «Жол картасы» ислеп шығылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2022-жыл 7-апрельдеги Президиум қарары менен қала ҳәм районлар ҳәкимликлери қарамағындағы ишки хожалық автомобиль жолларын сақлаў ҳәм оңлаў ушын олардың жанындағы Абаданластырыў басқармаларына 2 жыл мүддетке 48 миллиард сумлық ссуда қаржысы ажыратылған. Қарақалпақстан Республикасына 850 миллион долларлық тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў бойынша илажлар режеси ислеп шығылды. Соннан 2022-2023-жыллары улыўма баҳасы 180,4 миллиард сумлық фармацевтика тараўларында әмелге асырылатуғын 4 жаңа инвестициялық жойбардың, сондай-ақ, перспективалы 5 инвестициялық жойбардың дизими қәлиплестирилип, улыўма баҳасы 1,4 триллион сумлық 33 жойбарларды иске қосыў бойынша тийисли жумыслар әмелге асырылды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 4-декабрьдеги «Пахта-тоқымашылық кластерлериниң жумысын шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары менен белгилеп берилген талап тийкарында «Шоманай эко текс» ЖШЖ тәрепинен Шоманай районында пахта-тоқымашылық кластери кәрханасының жумысын жолға қойыў жумыслары әмелге асырылды. Нөкис қаласында «Eco Company» 5 миллион долларлық «Суўды тазалаў ҳәм деминерализациялаў инновациялық үскенелери ҳәм насослар ислеп шығарыў», «Тuproqqala Tur» ЖШЖ тәрепинен 10 миллион долларлық «Ақшакөл бойында» эко-этно археологиялық туризм комплексин шөлкемлестириў», Төрткул районында «Milliy Sanoat Holding» ЖШЖ тәрепинен 10 миллион долларлық «Орта ҳәм киши бизнес ушын заманагөй санаат зонасын шөлкемлестириў» жойбарларын қаржыландырыў бойынша усыныслар киргизилди.

Нөкис қаласында жыллық қуўатлылығы 20 миллион дана болған 61х120х250 ҳәм 85х120х250 өлшемдеги силикон гербиш ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе «Бархан Силикат» ЖШЖ жумыс алып бармақта. Турақ жайдың өзине түсер баҳасын арзанластырыў мақсетинде бағдарламалар шеңберинде қурылысы режелестирилген көп қабатлы турақ жайлардың қурылыс жумысларында силикат гербишлерден кеңнен пайдаланылмақта. Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта кең көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылып атырғанлығы сондай-ақ, өнимдарлы топырақты сақлаў, силикат гербиш ислеп шығарыў көлемин және де арттырыў мақсетинде Нөкис қаласы киши санаат зонасы аймағындағы 4 гектар майданнан «Қуўаныш Бахыт Нур» ЖШЖ тәрепинен силикат гербиш ислеп шығарыў бойынша усыныс киргизилди.

Район ҳәкимликлери, коммерциялық банклер сондай-ақ, жойбар интакерлери менен биргеликте аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат санааты тараўларындағы жойбарларды әмелге асырыў бойынша тармақ кестелери ислеп шығылды. Баҳасы 1,5 триллион сумлық 232 жойбардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде 152 мыңнан аслам халықтың бәнтлиги тәмийинленди.

Мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл 30-майдағы «Қарақалпақстан Республикасының арқа районларында исбилерменликти раўажландырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, шығыс районлардың аўыл хожалығында пайдаланыўдан шығып кеткен суўғарылатуғын жер майданларын 2022-2024-жыллары қайта пайдаланыўға киргизиў көрсеткишлери тастыйықланды. Бағдарлама шеңберинде 421 гектар майданда путазарлар тазаланып, жерлер тегисленди, 248 километр суўғарыў тармағы тазаланды, 16,2 километр аралықта жаңадан суў тармағы қазылды, 27,4 километр коллектор тармағы тазаланды, 2 насос агрегаты қурылып, 0,5 километр аралыққа электр тармақлары тартылды, сондай-ақ, 1 трансформатор орнатылды. Өзлестирилген майданлардың 116 гектарында жаңадан мийўе бағлары жаратылды. Сондай-ақ, жергиликли интакерлер тәрепинен 12,8 мың гектар майданды өзлестириў бойынша мәнзилли дизимлер ислеп шығылып, тастыйықланды. Басқа егислик майданлары есабынан 8 мың гектарды лотларға ажыратқан ҳалда, «Темир дәптер», «Жаслар дәптери» ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери»ндеги жәрдемге мүтәж халыққа дийқаншылық етиўи ушын анық механизм тийкарында ажыратып берилди.

Суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизетуғын талабанлар анықланып, районларға белгиленген прогноз көрсеткишлер шеңберинде талабанлар кесиминде мәнзилли дизимлер қәлиплестирилип, тастыйықланды. Талабанлар менен қурылысшы кәрханалар арасында 12,2 мың гектар пахта майданларында тамшылатып суўғарыў технологиясы ҳәм 1904 гектар ғәлле майданларында жаўынлатып суўғарыў технологиясын енгизиў бойынша шәртнамалар рәсмийлестирилди. Пахта-тоқымашылық кластерлери ҳәм «Өзагролизинг» акционерлик жәмийети арасында 186 баҳасы 88,6 миллиард сумлық пахта териў машиналарын сатып алыў бойынша шәртнама дүзилди. Салы жетистириўши субъектлерди жоқары зүрәәтли туқымлықлар менен тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылған «Жергиликли салы жетистириўде сырт ел тәжирийбесин кеңнен енгизиў илажлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары жойбары ислеп шығылып, тийисли министрлик ҳәм уйымлар менен келисилди. Қарардың жойбарын ҳуқықый экспертизадан өткериў ушын Әдиллик министрлигине киргизилди. Филиппин Халықаралық салыгершилик илимий орайынан илимий шәртнама тийкарында алып келинетуғын 200 салы сортлары ҳәм үлгилери, республикамыз аймағына алып кириў ушын Өсимликлер карантини ҳәм оны корғаў агентлигинен импорт карантин руқсатнамасы (ИКР) рәсмийлестирилди.






























Мийўели бағ жаратыў ушын 634 мың мийўели нәл алып келинип, 735 гектар майданда, соннан, Бухара ўәлаятының исбилерменлери тәрепинен Хожели районында 80 гектар, Хорезм ўәлятының исбилерменлери тәрепинен Шоманай районында 84 гектар, Самарқанд ўәлаятының исбилерменлери тәрепинен Нөкис районында 12 гектар ҳәм Сырдәрья ўәлаятының исбилерменлери тәрепинен Қанлыкөл районында 5 гектар сондай-ақ, жергиликли фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен 554 гектар бағ жаратылды. Сондай-ақ, 968 мың жүзим нәли алып келинип, 650 гектар майданға жүзим нәли егилди ҳәм егиў жумыслары даўам еттирилмекте. «Мийўе-овощ кластерлери ҳәм кооперацияларды раўажландырыў мәселелери»не бағышлап өткерилген мәжилис протоколының 2-қосымшасына муўапық, 22 жаңадан шөлкемлестирилетуғын кластер кәрханасына фермер хожалықлары бириктирилди.

Өзбекстан фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң қорынан 15,2 миллиард сум ажыратылып, Әмиўдәрья, Төрткул, Беруний ҳәм Елликқала районларында 4 мың халық хожалығында ықшам ыссыхана шөлкемлестириў бойынша пуқаралар дизими қәлиплестирилди.

Ҳәзирги күнге шекем 51 миллиард 236 миллион сумлық 87 жойбар, соның ишинде, қарамал бағыў бағдарында 14, қой ҳәм ешки жетистириў бағдарында 6, қусшылық бағдарында 11, қоян жетистириў бағдарында 1, пал ҳәррешилик бағдарында 51, қайта ислеў бағдарында 4 жойбар қәлиплестирилди. 2022-жылы 9 пахта-тоқымашылық кластери тәрепинен 500-1000 бас шарўашылық комплекси шөлкемлестирилип, бул кластерлер тәрепинен жәми 4,9 мың бас қара малды бағыў жолға қойылды. Бозатаўда 7, Қоңыратта 5, Мойнақта 2, Тахтакөпирде 2 кооперация қәлиплестирилип, кооперация усылында шарўа малларын жеткерип бериў графиклери район ҳәкимлиги тәрепинен тастыйықланды. Ҳәзирги күнде кооперация тийкарында 73 бас шарўа малы халық хожалықларына жеткерип берилди. Беруний районындағы 40 мәҳәлледе жәми 326 халық хожалығына 103 мыңға шамалас, сондай-ақ, Тақыятас районындағы 13 мәҳәлледе 252 халық хожалығына 16 мыңға шамалас хонаки таўық тарқатылып, күтимли бағыў жолға қойылды. Ҳәзирги күнде 1 мың 842 халық хожалығына 17 мың 546 бас қой ҳәм ешки сондай-ақ, 391 халық хожалығына 4 мың 358 пал ҳәрре уясы тарқатылды.

Усы жылы жәми 100 мың гектар майданда «Жасыл капламалар» пайда етиў бойынша аймақлар белгиленип, картасы ислеп шығылды. Оның ушын зәрүр болған 590,2 тонна, соның ишинде, жергиликли халық тәрепинен 382,7 тонна шөл өсимликлериниң туқымы жыйналды. Ҳәзирги күнге шекем жумысшы-хызметкерлер тәрепинен жәми 107,1 мың гектар майданда жасыл қапламалар пайда етилди. Буннан тысқары, қала ҳәм районлар орайларында 61,8 гектар майданда жасыл бағлар жаратылып, егиў жумыслары даўам етпекте.

Жаңа исбилерменлик субъектлеринде 13 мың 465 пуқараның турақлы бәнтлиги тәмийинленди, 2 мың 790 пуқара кәсип-өнерге оқытыўға бағдарланды. Шымбай районында Нөкис қаласы «Жумысқа мәрҳәмат» моно орайының филиалын иске қосыў жумыслары алып барылып, Мойнақ районының «Мәдели», Тахтакөпир районының «Айдынжол», Хожели районының «Сарышүңгил», Шымбай районының «Кеңес» ҳәм Кегейли районының «Халқабад» аўыл пуқаралар жыйынларында жумыссыз халықты кәсип-өнерге оқытыў дәргайлары жолға қойылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жыллары Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, «Өзбекнефтьгаз» АЖ қәўендерлик қаржысы есабынан Қанлыкөл районы «Бостан» АПЖдағы 180 орынлық улыўма билим бериў мектеби, «Бескөпир» АПЖдағы 150 орынлық ҳәм «Арзымбетқум» АПЖдағы 60 орынлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин қурыў жумыслары алып барылды. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 20-майдағы «Қоңырат сода заводы» ЖШЖ қоспа кәрханасында 2022-2025-жыллары кальцийленген сода ислеп шығарыўды жылына 250 мың тоннаға жеткериў бойынша инвестициялық жойбарды әмелге асырыў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, ижара ҳуқықы тийкарында жер майданы ажыратылды. Бас реже жойбарларына тийкарланып, Қоңырат районы «Елабад» посёлкасы пуқаралар жыйыны «Жаңа Өзбекстан» массивинде жәми 5 қабатлы он 228 квартиралы, соннан 30 квартиралы 2, 20 квартиралы 6 ҳәм 24 квартиралы 2 турақ жайлардың қурылысы алып барылыўы режелестирилди.

Аралбойында тәбийғый газ тәмийнатына қайта жалғанатуғын 13 мың 661 халықтың жасаў үйлери газ қубырларының техникалық жағдайын хатлаўдан өткериў жумыслары әмелге асырылды. Хатлаў жумыслары жуўмақлған елатлы пунктлерде газ тармағына жалғаў жумыслары әмелге асырылмақта. Ҳәзирги күнде 478 халықтың турақ жайы газ тармағына жалғанды. «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде 40,9 километр газ тармағын гезектеги оңлаў жумыслары белгилеп алынды. Ҳәзирги күнде «Абат мәҳәлле» бағдарламасына киргизилген 34 километр газ қубыры оңланды.

Мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында жәми 24 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде (9 жаңа қурылыс, 15 реконструкция), бақшаларда қурылыс-оңлаў жумысларын алып барыў арқалы 1 мың 940 жаңа орын, 7 мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарынлағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин шөлкемлестириў есабынан 845 орын, 125 шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин шөлкемлестириў есабынан 3 мың 125 орын, 57 мәжбүрий бийпул бир жыллық мектепке таярлаў топарларын шөлкемлестириў есабынан 155 орын, жәми 6 мың 65 қосымша орын жаратыў арқалы қамтылыў дәрежесин 80,1 процентке жеткериў режелестирилген. Жоқары билимлендириў мәкемелериниң қәнигелик кафедралары тармақ кәрхана ҳәм шөлкемлерине бириктирилди сондай-ақ, кафедра муғаллимлериниң усы кәрханаларда әмелий изертлеўлер өткериўи, кәрханалардағы лабораториялар ҳәм материаллық-техникалық базасынан пайдаланыўы ҳәм студентлердиң әмелиятын өтеўи ушын зәрүр шараятлар жаратылды. Бул тапсырманың орынланыўы бойынша Шымбай районында жайласқан бурынғы «Қызыл өзек» аўыл хожалығы колледжи тийкарында Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Шымбай факультети шөлкемлестирилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-апрельдеги «2022-2026-жыллары аналықты ҳәм балалықты қорғаўды күшейтиў ҳаққында»ғы қарары тийкарында «Балалар медицина кластери» имараты 2023-жылдың ақырына шекем пайдаланыўға тапсырылыўы белгиленген. Сондай-ақ, «Мәҳәлле медицина пунктлери»н қурыў жумыслары алып барылмақта. Қоңырат, Төрткүл, Шымбай районларында шөлкемлестирилген биргеликтеги зақымланыў ҳәм өткир қан-тамыр кеселликлери орайлары 57 медициналық әсбап-үскене менен тәмийинленди. Ҳәр бир районға 3 компьютер томографиясы ҳәм 3 рентген үскенеси алып келинди. Шымбай, Беруний, Қоңырат ҳәм Кегейли районлық медициналық бирлеспелериниң туўыў бөлимлери жәми 16 миллион 470 мың сумлық 6 түрдеги 48 зәрүр медициналық техника ҳәм буйымлар менен тәмийинленди. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 17-майдағы «Медицина мәкемелериниң хызметкерлерин материаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеўди күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманының 5-бәнтинде 2022-жыл 1-июльден баслап ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан, сондай-ақ, сырт еллерден Қарақалпақстан Республикасының Тахтакөпир, Шымбай, Қараөзек, Бозатаў, Шоманай, Қоңырат районларына барып ислеўши шыпакерлердиң айлық лаўазым мийнет ҳақысына дәслепки үш жыл даўамында 100 процент, Мойнақ районында болса 200 процент муғдарында қосымша ҳәр айлық үстеме төлемлери Мәмлекетлик бюджеттиң есабынан төленетуғыны белгиленди.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен өткерилген «Республикалық жаслар ҳаўазы» фестивалында 238 мың жас өз қәбилетин көрсетти. Таңлаўда бақсышылық, дәстүрий атқарыў, опера ҳәм эстрада сыяқлы 4 бағдарда жеңимпазлар ақшалай сыйлық пенен сыйлықланды. Мойнақ районында «Стихия» электрон музыка фестивалы, «Арал балықларынан 99 түрли тағамлар» гастрономиялық халықаралық фестиваль ҳәм «Арал ҳәм Мойнақтың қайта тиклениўи» темасында халықаралық экофестиваль, 2022-жыл сентябрь айында Ахмет Яссаўий тарийқаты даўамшысы Ҳәким ата-Сулайман Бақырғаний туўылғанының 900 жыллығына бағышланған халықаралық конференция шөлкемлестирилди.

Мәмлекетимизде, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылып атырған избе-из реформалар, системалы илажлар халықтың абаданлығын және де арттырыў, турмыс тәризин жоқарылатыўға хызмет етпекте. Президентимиз бул сапары ўақтында да Қарақалпақстан Республикасының социаллық-экономикалық тараўларында жүз берген таң қаларлық жаңалықлар менен танысады. Республика белсендилери менен ушырасады. Аймақларды және де раўажландырыўдың, адамлардың турмыс дәрежесин арттырыўдың келешектеги бағдарларын белгилеп береди.

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,

Мақсет ҲАБИБУЛЛАЕВ (сүўрет),

Қарақалпақстан хабар агентлиги