Усы жылдың январь, февраль, март айлары даўамында республикамыздың дерлик барлық қала ҳәм ўәлаятларынан, районлардан И.В.Савицкий музейине 6 ярым мыңнан аслам адам саяхат еткен.

Еки экспозициялық көргизбе имаратына ийе музейдиң биринши имаратында 2000ға жақын экспонатлар бар болып, олар Әййемги Хорезм мәденияты, қарақалпақ қол өнери, заманагөй қарақалпақ өнери, Өзбекстан сүўретлеў өнери, XX әсир басларындағы Россия көркем өнери (реңли сүўретлеў, графика, мүсиншилик, әмелий декоративлик өнер) дөретпелери орын алған. Екинши имаратта 400ге жақын экспонатлар жайласқан.

Саяхатшыларды, әсиресе, шет елли туристлерди музейдеги живописьлик, графикалық дөретпелер ҳәм қарақалпақ миллий кийим-кеншеклери, қара үй ҳәм оның безеўлери және археологиялық буйымлар, сондай-ақ, рус авангардлары оғада қызықтырмақта, – дейди музей директоры Гүлбәҳәр Изентаева.

Мәлим болыўынша, март айының өзинде Жиззақтан  95, Хорезмнен 245, Ташкент қаласынан 487, Нөкис қаласынан 1161, Әмиўдәрьядан 87, Қоңыраттан 104, Тахтакөпирден 59, Шымбайдан 76, Шоманайдан 38, Елликқаладан 214, жәми барлық қала ҳәм районлардан, ўәлаятлардан 3634 саяхатшылар келип тамашалаған.

«Саҳрадағы Лувр» аты менен дүньяға даңқ таратқан музейге қызығыўшы шет елли саяхатшылар саны да артпақта. Әсиресе, Россия, Франция, Германия, Қытай, Япония, Индонезия, Италия, Белгия, Голландия, Австрия, Мексика, Испания, Америка, Чехия, Украина, Англия, Ҳиндстан ҳәм т.б. еллеринен көплеп саяхатшылар келмекте.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 28-декабрьдеги «2018-жылда рәсмий сәнелерди белгилеў дәўиринде қосымша ислемейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм дем алыс күнлерин көшириў ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық Наўрыз байрамы қарсаңында ишки туризмди раўажландырыў ушын 5 күн қатарына дем алыс күнлери берилген еди. Әйне усы бес күнде музейге саяхат етиўшилер саны әдеўир артқан.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы