Бүгин Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызам жойбары бойынша усы жылдың 30-апрель күни болып өтетуғын референдумға бағышланған үгит-нәсият илажы болып өтти.
Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Б.Алдамуратов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинен районға бекитилген үгит-нәсиятлаў топары ағзасы Б.Сейтимбетов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Б.Айтеков, район ҳәкими орынбасары Ш.Бектурғановлар шығып сөйлеп, мәмлекетимизде жүргизилип атырған социалллық-экономикалық реформалар, әсиресе, жәмийетте «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында халқымыздың абадан турымысын тәмийинлеў, экономика тармақларын либералластырыў ҳәм исбилерменликти жедел раўажландырыў бағдарындағы әмелге асырылып атырған өзгерис ҳәм жаңаланыўлар ҳаққында айтып өтти.
Сондай-ақ, илажда Өзбекстан Республикасының жаңаланып атырған Конституциясына киргизилип атырған өзгерислер ҳаққында кең түрде түсиниклер берилип, Конституциялық Нызам жойбары бойынша усы жылдың 30-апрель күни болып өтетуғын Референдумға белсене қатнасыўға шақырды.
Илаж соңында район аймағында үгит-нәсият топарының жумысларын жетилистириў бойынша пикир усыныслар ортаға тасланып, алдағы режелер белгиленди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы