Нөкис қаласы Кураш орайында усы жыл 2627-март күнлери 20072008-жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында кураш бойынша Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты өткерилди.

Чемпионатта Нөкис қаласы ҳәм районлардан келген 15 команда қурамында жәми 285 спортшы-жаслар қатнасты. Соннан, 191 жас ер балалар, 94 жас қыз балалардан дүзилген командалардың қурамында қатнасып, өз-ара күш сынасты.

Жарыс халықаралық кураш қағыйдаларына муўапық алып барылып, оның барысын Өзбекстан Кураш Федерациясы Қарақалпастан Республикасы бөлими тәрепинен усынылған, Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги тәрепинен тастыйықланған төрешилер қурамы бақлап барды.

Жарыстың ашылыў ҳәм жабылыў мәресимлеринде Өзбекстан кураш федерациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң атқарыўшы директоры С.Жүсипбеков ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде спорттың, әсиресе, миллий спорт түри болған кураштың ғалаба ен жайыўы ушын исленип атырған жумысларға кеңнен тоқтап өтип, жас қатнасыўшыларға жақсы тилеклерин билдирди.

Жарыста өз салмақ категорияларында Әмиўдәрья районынан Ҳидоят Қурбанбоев (38кг), Қоңырат районынан Бекполат Сәрсенбаев (42кг), Мойнақ районынан Раҳимжан Амангелдиев (46кг), Қоңырат районынан Айдос Азадов (50кг), Әмиўдәрья районынан  Беҳруз Юнусов (55кг), Қоңырат районынан Баҳадыр Көпжүрсинов (60кг), Әмиўдәрья районынан Караматдин Юлдашов (65кг), Зафарбек Юлдашов (71кг), Қараөзек районынан Қуўат Қалбаев (77кг), Қоңырат районынан Дәрмен Төребаев (83кг), Нөкис олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжинен Ерсултан Толыбаев (83+кг) биринши орынды ийеледи.

Ал, қызлар арасынан өз салмақ категорияларында Нөкис қаласынан Камола Юлдашова (30кг), Дана Уралбаева (36кг), Бозатаў районынан Улбосын Дәўлетмуратова (40кг), Шымбай районынан Қундыз Бектурсынова (44кг), Хожели районынан Сабина Қыдырбаева (48кг), #араөзек районынан Нурлыхан Алланазарова (52кг), Нөкис олимпия ҳәм паралимпия резервлери колледжинен Ақсүңгүл Тохтарбаева (57кг), Кегейли районынан Гүлдана Далмуратова (63кг), Әмиўдәрья районынан Ирода Ибраҳимова (63+кг) лар биринши орынды ийеледи.

Жарыс жеңимпазлары Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги тәрепинен таярланған арнаўлы диплом, медаль ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.






Қарақалпақстан хабар агентлиги

М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери