Усы жылдың 25-26-март күнлери Бразилия мәмлекетинен спорттың джиу джитсу түри бойынша 2-дан қара белбеў ийеси Дайлтон Алмеида Дос Сантос усы спорт түри менен шуғылланатуғын қарақалпақстанлы спортшыларға шеберлик сабақларын өтти.

Нөкис қалалық 2-санлы спорт мектебиниң спорт залында өткерилген шеберлик сабақлары даўамында тренер усы спорт түри бойынша өзиниң билим ҳәм тәжирийбелери менен ортақласты. Сабақларда Бухара джиу джитсу федерациясының баслығы Иноят Раджабов та қатнасып, мийманға өзбекстанлы спортшы жаслардың жетискенликлери ҳаққында мағлыўмат берди.

– Джиу джитсу спорт түри бойынша биринши федерация Қарақалпақстан Республикасында 2021-жылы ашылған болыўына қарамастан, шәкиртимиз Ҳумаюн Хашимов 2023-жылдың 24-28-февраль күнлери Таиландтың Бангкок қаласында өткерилген Азия чемпионатында 77 килограмм салмақ категориясында алтын медальды жеңип алды, -дейди Өзбекстан Джиу джитсу федерациясы Қарақалпақстан  бөлими президенти Расул Балтабаев.

Бүгинги күнде федерацияда 600 ден аслам жаслар елимизде усы спорт түрине тийкар салған  тренер Наўрыз Каиповтың басшылығында шуғылланып келмекте.





Қарақалпақстан хабар агентлиги