Нөкистеги 1-санлы спорт мектебинде (манежде) улыўмахалықлық Наўрыз байрамы мүнәсибети менен футзал бойынша 50 жас ҳәм оннан жоқары жастағы ветеран футболшылар арасында Қарақалпақстан кубоги ойынлары болып өтти.

Қарақалпақстан футбол ассоциациясы тәрепинен өткерилген илажда 50 ге шамалас ветеран спортшылар қатнасты.


Қызғын беллесиўлерге бай болған кубок жарысында биринши орынды Нөкис қаласының «Қария», екинши орынды Қоңырат районының «Қоңырат» ҳәм үшинши орынды Хожели районының «Хожа ели» командалары ийеледи.



-Байрамлар, әҳмийетли сәнелерде нураный устазларымызды қәдирлеў, оларға ҳүрмет көрсетиў, ҳалынан хабар алыў халқымызға тән жоқары пазыйлет болып табылады. Наўрыз улыўмахалықлық байрамы мүнәсибети менен Қарақалпақстан футбол ассоциациясы тәрепинен бир топар спорт ветеранларын жыйнаған ҳалда Қарақалпақстан кубоги ойынларын өткерди, -дейди ассоциацияның техникалық директоры Дәўлет Аманбаев. – Ветеран спортшыларымыздың көп жыллық пидайы мийнети турақлы түрде итибарға алынып, ҳәр қыйлы илажлар шөлкемлестирилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги