Нөкисте кураш бойынша 2005-2006-жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Қарақалпақстан чемпионаты болып өтти.

Қарақалпақстан Респцубликасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан кураш федерациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген жарыста 12 командадан 156 спортшы қатнасты.

Еки күн даўам еткен жарыс жуўмағында жас өспиримлер арасында Мойнақ районынан Самандар Сарсенбаев, Хасан Айтмуратов, Қараөзек районынан Анвар Сарсенбаев, Нөкис қаласынан Дамир Атаниязов, Санжар Жуманиязов, Асылбек Абыллаев, Мейрамбек Абдирасулиев, Азимхан Тажибаев, Нөкис районынан Парахат Ережепов, Шымбай районынан Нурсултан Толыбаев, Қоңырат районынан Турар Сапаков, қызлар арасында Қанлыкөл районынан Шахло Абатбаева, Нөкис қаласынан Динара Оралбаева,  Севара Сейтимбетова, Азиза Аралова, Азада Медетбаева, Айгүл Адилбаева, Қараөзек районынан Жүрсинай Базарбаева, Кегейли районынан Үмида Ешниязова, Гүлистан Пиримбетовалар өз салмақ категорияларында жеңимпаз болып, Қарақалпақстан чемпионлығын қолға киргизди.


Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерине Қарақалпақстан Респцубликасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлигиниң дипломы және естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги