1-18-март күнлери Ташкент ҳәм Ферғана қалаларында футбол бойынша жаслар арасында Азия кубоги ойынлары болып өткен еди. Онда өзиниң әжайып ойынлары менен финалға шекем жетип келген Равшан Хайдаров басшылығындағы Өзбекстан сайланды командасы алтын медал ушын гүресте Ирак сайланды командасын 1-0 есабында жеңип шығып, барлық ўатанласларымызды шексиз қуўанышқа бөлеген еди.

Итибарлы тәрепи сонда, өткерилген ойынларда мәмлекетимиз сайланды командасы қурамында жерлесимиз Жавоҳир Утемуратовта мүнәсип түрде қатнасып, футболшыларымыздың тарийхый жеңисине өз үлесин қосқан еди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев футбол бойынша U-20 Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Жавоҳир Утемуратовтың бул ислеген хызметлерин инабатқа алып, оны «Үмит ушқыны» көкирек белгиси ҳәм 50 млн. сум қаржылай сыйлық пенен сыйлықлады.

Сондай-ақ, Жавоҳирди тәрбиялаған устазы, Нөкис қаласы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң футбол бойынша тренер-оқытыўшысы Бектурсын Қанназаровқа «Ўатан пидайысы» көкирек белгисин салтанатлы түрде тапсырды.

Өзлерине көрсетилип атырған бундай жоқары итибар ҳәм хошамет ушын Бектурсын Қанназаров ҳәм Жавоҳир Утемуратовлар республикамыз басшыларына, футбол ықласбентлерине терең миннетдаршылық билдирип, бул исенимди келешекте толық ақлаў ушын аянбай хызмет ететуғынлығын билдирди.

Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы