Ташкент қаласында «Ёшлик» спорт комплексинде қылышласыў бойынша кадетлер ҳәм жас өспиримлер арасында Өзбекстан чемпионаты болып өтти.
Оған Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасының спортшылары да табыслы қатнасып қайтты. Атап айтатуғын болсақ, өткерилген бириншиликтиң сабля бағдарында өспиримлер арасында Нуркелди Турғанбаев, Фазыл Генжебаев, Алпамыс Орақбаевлар, кадетлер арасында Алпамыс Орақбаев, Султанбек Ахметбеков, Нурсултан Кеңесбаевлар, өспирим қызлар арасында Наргиза Қоңыратбаева, Толғанай Бекбаўлиева, Дилназ Уснатдиновалар сыйлы 1-2-3-орынларды ийелеп, Өзбекстан чемпионы атағын жеңип алыўға миясар болды.
Ал, командалық жарыста республикамыз қызлары екинши, жас өспиримлер арасында биринши, ер балалар командасы болса, кадетлер ҳәм жас өспиримлер арасында сыйлы биринши ҳәм екинши орынларды ийелеўге еристи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы