2018-жылдың 29-март күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он төртинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады. Оған Министрлер Кабинетиниң мирәт етилген ағзалары, министрликлер ҳәм ведомстволардың басшылары, басқа да шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Н.Йўлдошев алып барды.

Сенаторлар жумысты жаңа редакциядағы «Мәмлекетлик сыйлықлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамын көрип шығыўдан баслады.

Атап өтилгениндей, мәмлекетлик сыйлықлар хошаметлеўдиң жоқары көриниси болып табылады. Нызамға муўапық Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықлары менен Өзбекстан Республикасы пуқаралары, шет ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар сыйлықланыўы мүмкин. Нызамда Өзбекстан Республикасы пуқаралары шет мәмлекетлердиң сыйлықлары менен де сыйлықланыўы мүмкин екени белгилеп қойылған.

Нызамда мәмлекетлик сыйлықлардың түрлери белгилеп берилген, «Өзбекстан Қаҳарманы» атағы, Өзбекстан Республикасының 34 ҳүрметли атағы, 11 орден, 4 медаль ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүрмет жарлығы солардың қатарына киреди. Мәмлекетлик сыйлықларға усыныў ҳуқықына ийе болған субъектлердиң шеңбери кеңейтилген. Жаңа нызамға муўапық буннан былай сыйлыққа усыныў ҳуқықына Өзбекстан Республикасы Бас министри, Судьялар жоқары кеңеси, Орайлық банк, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Есап-санақ палатасы, Орайлық сайлаў комиссиясының баслықлары, сондай-ақ, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының, басқа да республикалық мәкемелердиң, мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлердиң республикалық уйымларының басшылары ийе болады.

Нызамда Өзбекстан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик сыйлықлары менен сыйлықлаў басламасын еркин алға қойыў ҳуқықы беккемленип қойылған. Өзбекстан Республикасы Президентин мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықлаў Олий Мажлис палаталарының басламасы менен әмелге асырылады.

Нызамда мәмлекетлик сыйлықлардан пайдаланыў ҳаққындағы норма айрықша орын ийелейди. Атап айтқанда, оларды тағып жүриў, планкалардағы ленталарды ҳәм кишкене көширме нусқараларын тағып жүриў, мәмлекетлик сыйлықларды сақлаў ҳәм олардың сүўретинен пайдаланыў тәртиби белгиленген. Сенаторлардың пикиринше, бул нызам ҳүжжети мәмлекет тәрепинен хошаметлеў системасын жетилистириўге, ўәкилликли уйымлардың бул тараўдағы жуўапкершилигин арттырыўға хызмет етеди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соң сенаторлар «Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамын көрип шықты. Атап өтилгениндей, ҳуқықый ҳүжжет Өзбекстан Республикасы пуқараларының мәмлекетлик уйымлар жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў арқалы жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик жумысларды басқарыўға болған Өзбекстан Республикасы Конституциясында кепиллик берилген ҳуқықларының әмелге асырылыўына байланыслы қатнасықларды тәртипке салыў мақсетинде ислеп шығылған.

Нызамда жәмийетлик қадағалаўдың субъектлери, объекти, оның тийкарғы принциплери белгиленген. Соның ишинде, жәмийетлик қадағалаў субъектлерине пуқаралар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери киргизилген. Жәмийетлик қадағалаўдың объекти сыпатында мәмлекетлик уйымлар, соның ишинде, ҳуқық қорғаў ҳәм қадағалаў уйымлары және олардың лаўазымлы шахсларының жумысы белгиленген.

Жәмийетлик қадағалаўдың мәмлекетлик уйымларға мүрәжатлар ҳәм сораўлар, мәмлекетлик уйымлардың ашық-айдын коллегиялық мәжилислерине қатнасыў, жәмийетлик додалаў, жәмийетлик тыңлаў, жәмийетлик мониторинг, жәмийетлик экспертиза, жәмийетлик пикирди үйрениў, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен  мәмлекетлик уйымлардың лаўазымлы шахсларының есапларын тыңлаў сыяқлы түрлери орнатылған.

Сенаторлардың пикиринше, бул ҳуқықый ҳүжжет пуқаралардың ҳуқықлары, еркинликлери менен нызамлы мәплери, мәмлекетлик уйымлар ҳәм олардың лаўазымлы шахсларының нызам ҳүжжетлери талапларына сөзсиз әмел етиўин тәмийинлеўдиң, жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық, гуманитар ҳәм басқа да тараўларда олардың алдында турған ўазыйпалар және ўәкилликлер нәтийжели әмелге асырылыўының әҳмийетли факторы болады. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң сенаторлар «Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамын көрип шықты. Нызамның мақсети бул тараўға байланыслы әмелдеги нызам ҳүжжетлериниң нормаларын тәртипке салыў ҳәм буннан былай да жетилистириўден ибарат.

Нызамда мәмлекетлик сатып алыўларды мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў нормалары сәўлелендирилген, мәмлекетлик сатып алыўлар субъектлери көрсетилип өтилген, мәмлекетлик сатып алыўлар процесине қойылатуғын улыўма талаплар белгилеп қойылған.

Электрон дүкан арқалы сатып алыў тәртибиниң киргизилиўи әҳмийетли жаңалы болып табылады. Нызамда электрон дүканның ислеўи ҳәм оннан пайдаланыў тәртиби келтирилген, сондай-ақ, сатып алыўларды аукцион, таңлаў ҳәм тендер арқалы әмелге асырыў, сатып алыў комиссиясының жумысы белгиленген. Нызамда товарларды (жумысларды, хызметлерди) бирден-бир жеткерип бериўшиден сатып алыў мәселелерин тәртипке салатуғын нормалар да белгилеп берилген.

Усы нызам нормаларына муўапық сатып алыў тәртип-қағыйдалары үстинен мониторинг өткериў және жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў, сондай-ақ, мәмлекетлик сатып алыўларға байланыслы шағымлар, қарама-қарсылықлар ҳәм келиспеўшиликлерди шешиў механизми белгиленген. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин сенаторлар «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамын көрип шықты.

Нызамның мақсети Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң (буннан кейин текстте Хызмет деп жүргизиледи) жумысын тәртипке салыўдан ибарат.

Нызамға муўапық Хызмет мәмлекетлик қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде өз жумысын арнаўлы қуралларда, түрлерде ҳәм усылларда әмелге асыратуғын арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым болып табылады.

Нызамда Хызмет уйымлары жумысының тийкарғы бағдарлары белгилеп қойылмақта. Өзбекстан Республикасының Конституциялық структурасына, суверенитетине ҳәм аймақлық пүтинлигине болған қәўиплердиң алдын алыў, анықлаў және оларды сапластырыў бойынша разведка ҳәм контрразведка жумысын әмелге асырыў, Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик шегарасын қорғаў, Өзбекстан Республикасының Қураллы Күшлери ҳәм қорғаныў-санаат комплексин мәмлекетлик қәўипсизликке болатуғын қәўип-қәтерлерден қорғаў, елимиздиң қорғаныў қәбилетин беккемлеў бойынша стратегиялық басламаларды әмелге асырыўға қатнасыў, терроризмге, экстремизмге, шөлкемлескен жынаятшылыққа, қурал-жарақ, нәшебентлик ҳәм психотроп затлардың нызамсыз айланысына қарсы гүресиў, мәмлекетлик мәплерге ҳәм қәўипсизликке қәўип туўдыратуғын, миллий, этникалық ҳәм диний душпанлықты үгит-нәсиятлаўға қаратылған бузғыншылық ҳәрекетиниң алдын алыў, оны анықлаў ҳәм оны сапластырыў сыяқлы бағдарлар усылардың қатарына киреди.

Буннан тысқары, илимий-техникалық, социаллық ҳәм мәлимлеме тараўларында мәмлекетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, Өзбекстан Республикасы халқының мәдений-тарийхый бай мийрасын қорғаў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлерге мәмлекетлик мәплерге ҳәм қәўипсизликке қәўип туўдыратуғын коррупция жағдайларына қарсы гүресиў, телекоммуникациялар ҳәм транспорт тараўында мәмлекетлик қәўипсизлик және мәмлекетлик мәплердиң қорғаўын тәмийинлеў ҳәм айрықша жағдайларға шараят жарататуғын факторлардың алдын алыў, анықлаў ҳәм оларды сапластырыў, тексерилиўи Хызметтиң ўәкиллигине киргизилген жынаят ислери бойынша оператив-излеў жумысын әмелге асырыў, тергеўге шекем  болған тексериў ҳәм дәслепки тергеўди өткериў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлерде мәмлекетлик сырлардың сақланыўы, арнаўлы байланыстың қәўипсизлигин тәмийинлеў және мәлимлемениң криптографиялық қорғалыўын шөлкемлестириў үстинен қадағалаў, мәмлекетлик мәплер ҳәм қәўипсизликке қәўип туўдыратуғын ҳуқықбузарлықлардың жүз бериўине мүмкиншилик жарататуғын себеплер менен шараятларды анықлаў ҳәм сапластырыў, Хызметтиң жаўынгерлик ҳәм мобилизациялық таярлығын жетилистириў және сақлап турыў, айрықша жағдайлар жүзеге келгенде ҳәм әскерий жағдай енгизилгенде күш ҳәм қуралларды ҳәрекетлерге таярлаў Хызмет жумысының тийкарғы бағдарлары болып табылады.

Нызамшылыққа, пуқаралардың ҳуқықларына, еркинликлери менен нызамлы мәплерине әмел етиў және оларды ҳүрмет етиў, пуқаралардың жәрдемине сүйениў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм профилактикасының әҳмийетлилиги, бир пүтинлик, еркинлик, конспирация Хызметтиң жумысының тийкарғы принциплери сыпатында атап өтилмекте.

Нызамда Хызмет тәрепинен физикалық күш жумсаў, арнаўлы қуралларды және оқ атар қуралын пайдаланыў шәртлери менен шегаралары, мәмлекетлик уйымлардың, басқа да шөлкемлердиң ҳәм пуқаралардың транспорт қуралларынан пайдаланыў тәртиби белгиленбекте.

Атап өтиў керек, Хызмет өзиниң жумысын әмелге асырыўда Өзбекстан Республикасы Президентине бойсынады ҳәм тиккелей оған есап береди. Сондай-ақ, Хызмет Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитетин өз жумысының тийкарғы бағдарлары менен турақлы түрде хабардар етип барады.

Соның менен бирге, Хызметтиң жумысында нызамлардың анық және бирдей орынланыўы үстинен қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры ҳәм оған бойсынатуғын прокурорлар тәрепинен өз ўәкилликлери шеңберинде әмелге асырылады. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң сенаторлар жаңа редакциядағы «Тоғай ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамын көрип шықты. Нызамның мақсети әмелдеги нызам нормаларын жетилистириў, тоғайларды қорғаў, көбейтиў, қайта көбейтиў, қайта тиклеў, олардың өнимдарлығын арттырыў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў тараўларындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.

Атап айтқанда, атама ҳәм тәреплерди бирдей қолланыў ҳәм ҳәр түрли версияда берилиўиниң алдын алыў мақсетинде «тоғай», «тоғайларды көбейтиў», «тоғайды қорғаў», «тоғайларды қайта көбейтиў», «тоғайдан пайдаланыўшылар», «тоғайларды қайта тиклеў» сыяқлы түсиниклер киргизилмекте.

Бул тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары белгилеп берилмекте, Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети, Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша  мәмлекетлик комитетиниң ўәкилликлери белгилеп берилмекте.

Бул нызамда тоғайлардың қорғалыўын тәмийинлеў ҳәм олардан пайдаланыўда пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралардың қатнасыўының ҳуқықый механизми беккемлеп қойылмақта. Атап айтқанда, олар бағдарлама ҳәм илажларды әмелге асырыў, халықтың арасында тоғайлардан ақылға уғрас пайдаланыў бойынша түсиник жумысларын өткериў, жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў, мәмлекетлик уйымларға бул тараўда жәрдем бериўге қатнасады.

Буннан тысқары, нызам менен тоғайды қорғаў байланыслы бир қатар илажлар, соның ишинде, қағыйдалар, шеклеў және қадағалаўлар, тоғайға зыянлы тәсир етиўдиң ямаса оның жоқ етип жибериўдиң алдын алыўға қаратылған қағыйдалар енгизилмекте.

Нызам менен тоғайдан пайдаланыўдың тийкарғы қағыйдалары бираз жетилистирилген. Соның ишинде, терек ҳәм путаларды кеспеген ҳалда отын ҳәм шақаларды жыйнап, тоғай-аңшылық, аңшылық ҳәм (ямаса) балықшылық хожалықларының талапларын ушын пайдаланыў, экологиялық туризмди раўажландырыў мақсетинде пайдаланыў сыяқлы тоғайдан пайдаланыўдың жаңа түрлери киргизилмекте.

Тоғайларды қорғаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети тоғайлардан пайдаланыўға ямаса пайдаланыўдың айырым түрлерине шеклеўлер ямаса қадаған етиўлер белгилеўи мүмкин.

Тоғайлардың дәрьялар, көллер, суў сақлағышлар ҳәм басқа да суў объектлери жағалықлары бойлап өткен қадаған етилген аймақларында, эрозиядан сақлайтуғын тоғайларда, суў тәмийнаты дәреклерин санитариялық жақтан  қорғаў зоналарындағы тоғайларда, айрықша қунға ийе болған тоғайларда, ғоза өсирилетуғын тоғай зоналарында, мәмлекетлик қорықханалардың тоғайларында, сондай-ақ, белгиленген режимге муўапық тәбият бағларының, буйыртпа қорықханаларының, курорт тәбийғый аймақлардың, мәмлекетлик биосфера резерватларының, мәмлекетлераралық қорғалатуғын тәбийғый аймақлардың тоғайларында қара малларды бағыўға жол қойылмайды.

Сенаторлардың пикиринше, усы нызамның жаңа редакцияда қабыл етилиўи мәмлекетлик тоғай фондын, оның өсимликлер ҳәм ҳайўанатлар дүньясын қорғаў ҳәм оннан ақылға уғрас пайдаланыўдың нызамшылық тийкарын беккемлеў, ҳуқықты қолланыў әмелиятының нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң сенаторлар «Өзбекстан Республикасы турақ жай коммуналлық хызмет тараўы хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы, Өзбекстан Республикасының нызамын көрип шықты. Коммуналлық тараў турақлы ҳәм сапалы жумыс ислеўи зәрүр екенлиги, оның жетилистирилиўи, сондай-ақ, коммуналлық хызметлердеги хызметкерлердиң мийнетин мүнәсип баҳалаў зәрүрлиги атап өтилди. Ҳәзирги ўақытта республикада бул тараўда 157 мыңнан аслам адам мийнет етпекте.

Коммуналлық хызмет көрсетиў тараўы жумысының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў ҳүждан менен исленетуғын мийнетти хошаметлеў мақсетинде нызам менен 18-апрель күни Өзбекстан Республикасы турақ жай коммуналлық хызмет тараўы хызметкерлери күни етип белгиленбекте. Сенаторлардың пикиринше, бул коммуналлық хызметлердиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўға көмеклеседи. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң сенаторлар «Суд-тергеў жумысында пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлери кепилликлерин күшейтиў бойынша илажлар қабыл етилгени мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамын көрип шықты.

Атап өтилгениндей, бул нызам Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен нызамшылық басламасы тәртибинде Олий Мажлиске көрип шығыў ушын киргизилди. Нызам алдынғы шет ел тәжирийбесин есапқа алған ҳалда суд-тергеў жумысында пуқаралардың ҳуқықларын қорғаўдың нызамшылық тийкарларын буннан былай да жетилистириўге қаратылған және Жынаят, Жынаят-процессуал кодекслерине ҳәм «Прокуратура ҳаққында»ғы нызамға өзгерислер менен қосымшалар киргизиўди нәзерде тутады.

Нызам нормаларында дәлиллерди қәлбекилестиргенлик ушын жынайый жуўапкершилик орнатылмақта, жалған гүўалық ямаса жалған хабар бергени ушын жуўапкершилик күшейтилмекте. Нызамға қайшы усыллар арқалы ямаса жынаят процеси қатнасыўшыларын нызам менен кепиллик берилген ҳуқықлардан айырыў ямаса бул ҳуқықларды шеклеў жолы менен алынған фактли мағлыўматларды дәлиллер сыпатында пайдаланыўды қадаған ететуғын тийисли норма киргизилмекте. Сондай-ақ, судларда жынайый ислердиң ашық-айдын көрилиўи принципин шеклейтуғын қосымша талапларды енгизиў қадаған етилмекте, қыйнаў ҳәм басқа да мийримсиз, адамгершиликке жат ямаса қәдир-қымбатын кемситетуғын қатнас түрлерин қолланғаны ушын жуўапкершилик күшейтилмекте.

Буннан тысқары, нызамда сырттан қамаққа алыў тәризиндеги ықият шарасы қолланылған шахслардың усы ықтият шарасы үстинен суд тәртибинде шағым етиўге байланыслы ҳуқықлары, сондай-ақ, қорғаўшының дәлиллерди топлаў ҳәм бериўге байланыслы ҳуқықлары кеңейтилмекте, ҳәдийсе жүз берген жерде көзден өткериў процеси, тергеў эксперименти, әлбетте, видеоға алыныўы, сондай-ақ, суд тексериўи процесинде стенографиялық жазыў алып барылыўы ҳаққындағы талап енгизилмекте. Дәлиллерди жыйнаўда ҳәм беккемлеўде руқсат берилмеген усыллар қолланылғаны ҳаққындағы мүрәжатлар суд-медицина экспертизасы ямаса басқа да экспертизасы өткерилген ҳалда прокурор ямаса суд тәрепинен әлбетте тексерилиўи зәрүрлигин нәзерде тутатуғын тәртип орнатылмақта.

Сондай-ақ, нызамда еркинен айырыў тәризиндеги жазаны өтеп, атырған қамақта сақланып атырған, услап турылған ямаса ҳәкимшилик қамаққа тартылған шахслардан жынаятлар ҳаққында алынған арзаларды, хабарларды ҳәм басқа да мағлыўматларды дәрҳал дизимге алыўда ҳәм шешиўде жынаят-процессуал нызам ҳүжжетлери талапларына әмел етилип атырғаны прокурор тәрепинен мәжбүрий түрде тексерилиўи ҳаққындағы нормалар енгизилмекте.

Сенаторлардың атап өткениндей, бул ҳуқықый ҳүжжеттиң қабыл етилиўи суд-тергеў жумысында пуқаралардың ҳуқықларының, еркинликлери менен нызамлы мәплериниң қорғалаўын исенимли тәмийинлеўге, олардың қәдир-қымбаты ҳәм абыройы кемситилиўине жол қоймаўға, сондай-ақ, суд ҳәм тергеў уйымларының жуўапкершилигин күшейтиўге, халықтың ҳуқыққорғаў уйымларына ҳәм судқа болған исенимин арттырыўға хызмет етеди. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң сенаторлар «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамын көрип шықты. Бул нызамда жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық ҳәм суд-ҳуқық тараўларын тәртипке салатуғын нызам ҳүжжетлерин буннан былай да жетилистириў, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын жедел исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпаларды орынлаў нәзерде тутылмақта.

Атап айтқанда, әмелдеги нызам ҳүжжетлерине киргизилип атырған өзгерислер менен қосымшалар журналистлик жумыстың еркинлигин тәмийинлейтуғын ҳуқықый, экономикалық ҳәм шөлкемлестириўшилик шараятларды жаратыўға, журналистлердиң ҳуқықый статусын анықлаўға қаратылған.

Нызам менен материаллық мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў мәселелери күшейтилмекте, суў объектлеринен пайдаланыў шәртлери айқынластырылмақта, мәлимлеме-китапхана жумысы тараўын тәртипке салатуғын әмелдеги нызам ҳүжжетлери жетилистирилмекте, сондай-ақ, жумысқа қабыл етилип атырған шахс жақын туўысқанларының судланғаны себепли оны жумысқа қабыл етиўден бас тартыў қадаған етилиўи нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, нызам менен «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Регламенти ҳаққында»ғы ҳәм «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Регламенти ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамларына Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутатлары ҳәм Сенат ағзалары арасынан сырт еллердиң парламентлери және халықаралық парламентлик шөлкемлер менен бирге ислесиў бойынша парламентлераралық топарлар, комиссиялар, комитетлер, жумысшы топарлар ҳәм басқа да структуралардың дүзилисин нәзерде тутатуғын өзгерис және қосымшалар киргизилмекте.

Нызам тийкарында Өзбекстан Республикасының Жынаят-процессуал кодексине жынаят ислерин ашық-айдың көриў судтың басламасы менен ямаса жынаят процеси қатнасыўшыларының өтинишине муўапық аудио ҳәм видеожазыўға алыўдан пайдаланған ҳалда және видеоконференцбайланыс режиминде өткерилиўи мүмкин екенлигин сондай-ақ, судтың нызамлы түрде күшке кирген қарарлары жынаят процеси қатнасыўшыларының разылығы менен ямаса шахсын көрсетпеген ҳалда судтың рәсмий веб-сайтында жәрияланыўы мүмкин екенлигин (буған жабық суд мәжилислеринде көрилген ислер бойынша суд қарарлары кирмейди) нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Нызам тийкарында фермер хожалықларын шөлкемлестириў механизми жетилистирилмекте. Мәселен, «Фермер хожалығы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамына фермер хожалықларын шөлкемлестириў механизмин жетилистириўди, жер участкаларын усыныў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўды, көп тармақлы фермер хожалықларының ҳуқықый статусын белгилеў ҳәм оларды хошаметлеў системасын, фермер хожалықлары ҳуқықларын және де кеңейтиўди ҳәм олардың материаллық мәпдарлығын арттырыўды, ҳуқықты қоллаў әмелиятында жүзеге келетуғын машқалаларды ҳәм нызам ҳүжжетлериндеги кемшиликлерди сапластырыўды нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Өзбекстан Республикасының Салық кодексине киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшаларда энергия ресурсларының әмелдеги тармақларынан толық үзип қойылған турақ жайларда альтернативлик энергия дәреклеринен пайдаланыўшы физикалық шахсларға альтернативлик энергия дәреклери орнатылған айдан баслап үш жыл мүддетте мүлк салығы ҳәм жер салығынан азат етиў түринде жеңилликлер бериў, бирден-бир социаллық төлем пахта жыйын-терими бойынша аўыл хожалығы жумысларына бириктирилген физикалық шахслар тәрепинен усы жумысларды орынлағаны ушын алынатуғын дәраматларға есаплап шығармаў, салыққа тартылатуғын базаны туристлик хызмет субъектлери ушын — туристлик хызметлерди онлайн-бронластырыў ҳәм сатыў бойынша бағдарламалық өнимлерди ҳәм мәлимлеме системаларын енгизиўге бағдарланған қаржылар суммасына азайтыў, сондай-ақ, көп тармақлы фермер хожалықларын көп тармақлы фермер хожалықлары реестрине киргизилген күннен баслап аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўге байланыслы болмаған басқа дәрамат түрлери бойынша бирден-бир салық төлемин төлеўден бес жыл мүддетке азат етиў нәзерде тутылған. Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң сенаторлар халықаралық ҳуқықый ҳүжжетлерди ратификациялаў ҳаққындағы бирнеше нызамларды, соның ишинде, «Өзбекстан Республикасы, Қазақстан Республикасы ҳәм Түркменстан арасындағы үш мәмлекеттиң Мәмлекетлик шегаралары тутасқан аймағы ҳаққындағы шәртнаманы (Самарқанд, 2017-жыл 10-ноябрь) ратификациялаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамын, «Өзбекстан Республикасы менен Аўғанстан Ислам Республикасы арасында пуқаралық, шаңарақлық ҳәм жынайый ислер бойынша өз-ара ҳуқықый жәрдем ҳаққындағы шәртнаманы (Ташкент, 2017-жыл 5-декабрь) ратификациялаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамын, «Дүнья жүзилик почта аўқамы Уставына тоғызыншы қосымша протоколын (Стамбул, 2016-жыл 6-октябрь) ратификациялаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамын, «Ислам шөлкеминиң билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша уставын (Баку, 2015-жыл 26-ноябрь) ратификациялаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамын, «Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Экстремизмге қарсы гүресиў бойынша конвенциясын (Астана, 2017-жыл 9-июнь) ратификациялаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамын көрип шықты.

Барлық көрип шығылған нызамлар додалаўлардан соң сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң сенаторлар Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкилиниң (Омбудсман) 2017-жылдағы жумыслары ҳаққындағы есапты тыңлады.

Омбудсманның 2017-жылдағы жумыслары мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик жумыслардың барлық тараўларында түпкиликли реформаларды әмелге асырыў, пуқаралардың абадан турмысы ушын шараятлар жаратыў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен алға қойылған ўазыйпаларды орынлаўға бағдарланғанлығы атап өтилди.

2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаға тийкарланып Омбудсман ҳәм оның аймақлық ўәкиллериниң жумысларын жетилистириў бойынша қәдем тасланды. Омбудсманның инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлери тараўындағы нызам ҳүжжетлери ҳәм мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы бойынша парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў бойынша ҳуқықлары және ўәкилликлери кеңейтилди.

2017-жылы Өзбекстан Республикасы ҳәм сырт ел пуқараларының, пуқаралығы болмаған шахслардың, жәмийетлик шөлкемлердиң ҳәм юридикалық шахслардың 9074 мүрәжаты Омбудсман тәрепинен көрип шығылып шешилди. Усы жумыслардың нәтийжесинде 34 адам жумысқа орналастырылды ҳәм лаўазымына қайта тикленди, 53 шаңараққа материаллық, 39 пуқараға медициналық жәрдем берилди, 2319 миллион сум мәмлекет пайдасына, 263 миллион сум мүрәжат еткенлердиң пайдасына өндирилди, коммерциялық жумысларды раўажландырыў ушын 133 миллион сумлық кредитлер алыўға жәрдем берилди.

Омбудсман тәрепинен қамақта сақланып атырған шахслардың ҳуқықлары менен  еркинликлерин тәмийинлеў бойынша парламентлик қадағалаўды күшейтиў бойынша анық мақсетке бағдарланған жумыслар алып барылмақта. Нызамсыз ҳәрекетлер үстинен берилген шағымларды көрип шығыўдың жуўмақлары ҳаққында парламент палаталарын өз ўақтында ескертип барыў механизм енгизилди, қыйнаў ҳәм басқа да рейимсиз, адамзатқа тән болмаған ямаса қәдир-қымбатын кемситетуғын қатнас және жазалаў түрлерине жол қоймаў бойынша қадағалаў-талқылаў илажларын шөлкемлестириў ҳәм алып барыўдың бирликтеги кестеси тастыйықланды.

Сенаторлар есапты додалаў даўамында Омбудсман жумысының нәтийжелигин арттырыўға бағдарланған усынысларды билдирди.

Додалаў жуўмақлары бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он төртинши жалпы мәжлисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети