Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги Республикалық мәденият бирлеспелери жумысларын шөлкемлестириў илимий-методикалық орайы, Халық аралық «Алтын мийрас» қайырқомлық жәмийетлик қоры, Республикалық «Тасвирий ойина» дөретиўшилик бирлеспеси ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры менен биргеликте Ҳәўескерлик халық театрлары республикалық фествалының жуўмақлаўшы басқышы өткерилмекте. Республикалық басқышта Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан жәми 13 ҳәўескерлик халық театрлары қатнаспақта.

Фестивалда Қарақалпақстан Республикасынан Шымбай районлық халық театры қатнасып атырған болып, олар 5-апрель күни Өзбекстан мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында «Балалық» атлы спектакльди тамашагөйлер итибарына усынады.

Фестивал жуўмақлары ҳаққында кейинирек толық мағлыўмат берип өтемиз.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.