Қарақалпақстан Республикасы Балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академиясы стадионында Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлигине қараслы спорт мектеплери ҳәм футбол академиясы тәрбияланыўшыларының 2011-2012 жылларда туўылған жас өспиримлери арасында улыўмахалықлық Наўрыз байрамына бағышланып футбол бойынша «Наўрыз кубоги» жарысы болып өтти.

Оған республикамыздағы барлық спорт мектеплери ҳәм футбол академиясының футбол командалары қатнасты.

Кескин беллесиўлерге бай болып өткен жарыс соңында Қарақалпақстан Республикасы Балалар ҳәм жас өспиримлер футбол академиясы командасы биринши, Қоңырат ҳәм Кегейли районлары спорт мектебиниң тәрбияланыўшылары екинши ҳәм үшинши орынларды ийелеўге миясар болды.


Жарыс соңында жеңимпаз командалар Қарақалпақстан футбол ассоциасиясы тәрепинен арнаўлы кубок, 1-2-3-дәрежели медал ҳәм дипломлар менен сыйлықланды.




Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы