Елимизде спортты, соның ишинде, футболды раўажландырыўға айрықша итибар қаратылып келинбекте. Аймақлардағы мектеплерде футбол дөгереклери, республика ҳәм ўәлаят орайларында футбол академиялары шөлкемлестирилип, оларда мәмлекетимизди пүткил дүньяға танытатуғын белгили футболшылар өсип жетилиспекте.

Бундай спортшылардың жетилисип шығыўында аймақларда өткерилетуғын спорт жарысларының тутқан орны айрықша.

Нѳкис районы спорт мектебиниң жасалма қапламалы мини-футбол майданшасында мектеп оқыўшылары арасында футболды кеңнен ен жайдырыў мақсетинде, улыўма орта билим бериў мектеплериниң 2009-2010 жылларда туўылған оқыўшы қызлары арасында Наўрыз байрамна бағышланып мини-футбол бойынша Нѳкис районы спорт мектеби ашық бириншилиги болып ѳтти.

-Жарысты ѳткериўдеги тийкарғы мақсет, қызлар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, районда мини-футбол спортын раўажландырыў ҳәм қәбилетли жас футболшы қызлар арасынан спорт мектебиниң сайланды командасы қурамы ағзалығына қабыллаўдан ибарат,-дейди Нөкис районы спорт мектебиниң директоры Баҳадыр Жуманиязов.

Өткерилген бириншилик жуўмағында 1-орынды 7-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң қызлар командасы ийелеген болса, 2-3-орынларды 6- ҳәм 5-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң командалары ийелеўге миясар болды.

Жеңимпаз командалар Нѳкис районы спорт мектеби ҳәкимшилиги тәрепинен I-II-III-дәрежели дипломлар менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.