Ертең Ташкент қаласындағы Бунёдкор стадионында 20 жасқа шекемги футболшылар арасында өткерилип атырған Азия чемпионатының финал ойыны болып өтеди.
Онда Равшан Хайдаров басшылығындағы Өзбекстан сайланды командасы ағзалары ираклы футболшылар менен чемпионлық ушын өз-ара гүрес жүргизеди.
Республикамыз халқы ушын ең қуўанышлы тәрепи сонда, Өзбекстан сайланды командасы қурамында қарақалпақстанлы жас футболшы Жавоҳир Утемуратов та орын алған. 2004-жылдың 9-март сәнесинде Әмиўдәрья районында туўылған Жавоҳир ҳәзирги ўақытта Қаршының «Насаф» футбол клубында қорғаўшы сыпатында ойнап келмекте.
Ертеңги финал ойынында Өзбекстан сайланды командасы ҳәм оның қорғаўшысы Жавоҳир Утемуратовқа әўмет күлип бағыўын тилеп қаламыз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы