Ҳүрметли Уллы мәртебели мырза Режеп Таййип Эрдоған!

Ҳүрметли мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары!

Сиз, әзизлерди Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң айрықша саммитинде көрип турғанымнан қуўанышлыман. Сабыр-тақатлы түрк халқына ҳәм туўысқан достымыз Түркия Республикасы Президенти, ҳүрметли Уллы мәртебели мырза Режеп Таййип Эрдоғанға барлық кәсиплеслеримиздиң атынан терең кеўил билдиремен.

Әзербайжан Республикасы Президенти ҳүрметли Илҳам Ҳайдарович Алиевке ҳәзирги гезексиз мәжилисимизди өткериў ҳаққындағы усынысы ушын айрықша миннетдаршылық билдиремен.

Ҳүрметли делегация басшылары!

Бүгинги, саммитимиз, ҳәзир ғана көрсетилген видеокөринис ең қыйын демлерде биз бир-биримизге беккем сүйениш болып киятырғанымыз, дослық ҳәм аўызбиршилигимиздиң қаншелли қүдиретли күшке ийе екениниң анық әмелий тастыйығы болып есапланады.

Досларымыздың үлкесинде жүз берген, мисли көрилмеген апатлы жер силкиниў барлығымыздың кеўлимизге шексиз қайғы ҳәм дәрт салды. Бул қайғылы апатшылық нәтийжесинде бизиң жаннан әзиз ата-аналарымыз, аға-инилеримиз, апа-қарындасларымыз ҳәм перзентлеримиз қайтыс болды ҳәм жәбирленди. Бул жоғалтыўдың орнын ҳеш нәрсе менен толтырып болмайды.

Дос халықларымыз мың жыллар даўамында ҳәр қыйлы қурамалы жағдай ҳәм машқалаларды өз-ара татыўлық, мийрим-шәпәәт ҳәм тилеклеслик пенен мәртлерше жеңип өткен.

Өзбекстан халқы досларымыздың басына түскен аўыр күнлерде «Түркия, биз сениң менен биргемиз!» деп бир тән бир жан болып, түрк досларымызға жәрдемге асықты.

Биз аянышлы апатшылықта қайтыс болған он мыңлаған бийгүна адамлар естелигин ҳеш қашан умытпаймыз.

Руқсатыңыз бенен, өмирден ерте көз жумған барлық инсанлардың жарқын естелигине айрықша ҳүрмет көрсетиў мақсетинде ҳәр жылы 6-февраль сәнесин Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңберинде Қурбанларды еслеў ҳәм тилеклеслик күни деп жәриялаўды усыныс етемен.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Түркияда бүгин ҳүрметли Президент Режеп Таййип Эрдоғанның басшылығында алып барылып атырған оператив илажларды, соның ишинде, халық ушын жүз мыңлаған жаңа турақ жайлар қурыў ҳәм инфраструктураны тиклеў бойынша оғада әҳмийетли реже ҳәм бағдарламаларды айрықша атап өтиўди қәлер едим.

Тезлик пенен әмелге асырылған анық ҳәм нәтийжели илажлар себепли көплеген адамлардың өмири ҳәм денсаўлығы сақлап қалынды, үлкен муғдардағы қаржылар жәмленип, кең көлемли қайта тиклеў жумыслары басланды. Бир сөз бенен айтқанда, ҳәзирги сынаўлы дәўирде туўысқан түрк халқы өзиниң теңсиз жигери ҳәм мәртлиги, күшли ерк-ықрары ҳәм жоқары мобилизациялаў руўхы менен Түркия жетекшиси әтирапында жәмленбекте.

Барлығымыз сизлерди қоллап-қуўатлап, жер силкиниў ақыбетинде ўайран болған қала ҳәм аўылларды, социаллық ҳәм санаат объектлерин тиклеў ҳәм жаңаларын қурыў жумысларына бар күшимизди қаратыўға таярмыз. Соның ишинде, биз жер силкиниў орайларынан бири болған ҳәм қутқарыўшыларымыз жумыс алып барған Ҳатай ўәлаятының Овакент аймағындағы қурылыс жумысларына мүнәсип үлес қосыў нийетиндемиз.

Биз қурмақшы болған көркем турақ жайлар, заманагөй мектеп ҳәм инфраструктура объектлери келешекте тийкарғы мәниде жақын дослық ҳәм аўызбиршилигимиздиң жарқын тымсалына айланатуғынына исенемен.

Буннан тысқары, зыян көрген аймақлардан жасы үлкен инсанлар ҳәм нураныйлардың елимизде денсаўлығын тиклеўи ҳәм дем алыўы, сондай-ақ, Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Мотуридий, Баҳоуддин Нақшбанд сыяқлы уллы ата-бабаларымыздың зыяратлаў орынларын зыярат етиўи ушын барлық қолайлы шараятларды жаратып беремиз. Бул топарларға Шөлкемимиз Ақсақаллар кеңеси басшылық етсе, мақсетке муўапық болар еди.

Соның менен бирге, усы жаз мәўсиминде биз Ҳатай жасларының да Өзбекстанға сапарын шөлкемлестирмекшимиз. Олардың мазмунлы дем алыўы ҳәм әййемги Самарқанд, Бухара ҳәм Хийўа қалаларына сапарларын, елимиздеги өз заманласлары менен биргеликтеги илажларды өткериў нийетиндемиз.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

Таллаўлар соны көрсетпекте, Шөлкемимиздиң мәмлекетлери жайласқан аймақлар өзиниң географиялық ҳәм геологиялық өзгешеликлерине бола, тәбийғый апатшылық ҳәм қәўип-қәтерлер жедел жүз беретуғын мәкан болып есапланады.

Тилекке қарсы, соңғы жыллары глобал климат өзгерислери бундай бүлгиншиликли ҳәдийселердиң көлеми ҳәм зыянын кескин арттырмақта. Бул бағдардағы әмелий бирге ислесиўимизди кеңейтиў мақсетинде төмендеги анық усынысларға итибарыңызды қаратпақшыман.

Айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм олардың ақыбетлерин сапластырыў мақсетинде Шөлкемимиздиң системалы бирге ислесиў палтформасын шөлкемлестириў басламасын алға қояман. Бул палтформа шеңберинде анық механизмлерди енгизиў ҳәм әҳмийетли илажлар көриўди кешиктирип болмайтуғын ўазыйпа, деп есаплайман.

Бириншиден, Шөлкемимиз шеңберинде тәбийғый апатшылықлар ҳәм айрықша жағдайлардың алдын алыўға қаратылған ҳәр тәреплеме келисимди тезирек ислеп шығыў үлкен әҳмийетке ийе. Бул бойынша Түркия тәрепи усыныс еткен пуқараларды қорғаў бойынша система жаратыў ҳаққындағы ҳүжжет жойбарын толық қоллап-қуўатлаймыз.

Екиншиден, айрықша жағдайлар бойынша министрликлеримиз арасындағы шериклик байланысларын кескин жеделлестириўимиз зәрүр. Олардың гезектеги мәжилисинде ең баслы бағдарлар бойынша биргеликтеги ҳәрекетлер бағдарламасын ислеп шығыў мақсетке муўапық болар еди.

Тийкарғы дыққатты техникалық қәўипсизлик талапларына қатаң итибар бериў ҳәм дүньяның ең алдыңғы тәжирийбесин тараўда қолланыў, халықтың турақлы хабардарлығын арттырып барыў, қутқарыў хызметлери қәнигелериниң қәнигелигин ҳәм тәжирийбесин арттырыў, биргеликтеги оқыў шынығыўларын өткериўге қаратыўымыз керек.

Үшиншиден, бундай күтилмеген ҳәм аўыр сынақлы ўақытларда социаллық ҳәм экономикалық машқалаларды сапластырыўда жақыннан жәрдем көрсетиў механизмлерин енгизиў мақсетке муўапық болып есапланады.

Сөз азық-аўқат өнимлери ҳәм қурылыс товарларын иркинишсиз жеткерип бериў, санаатты тиклеўге қаратылған кооперациялық жойбарларды иске қосыў ҳаққында бармақта. Әлбетте, бүгин рәсмий шөлкемлестирилип атырған Түркий инвестициялық фондын дәслепки қаржы ресурсларын да бул жойбарларға тартыў мүмкин, деп есаплаймыз.

Және бир әҳмийетли мәселе. Илимий ҳәм технологиялық тараўларда ерисилген жетискенликлерге қарамастан, жер силкиниўлер ҳәм суў тасқынлары, тоғай өртлери, боранларды алдыннан анықлаў ҳәм ерте ескертиў елеге шекем әҳмийетли ўазыйпа болып қалмақта.

Бул процесслерди терең үйрениў, тараўға илимий ҳәм технологиялық жаңалықларды кеңнен енгизиў үлкен унамлы нәтийже беретуғыны анық. Солардан келип шығып, Шөлкемимиз шеңберинде Тәбийғый апатшылықлар мониторинги ҳәм анализ орайын дүзиў ҳәм оны Ташкентте жайластырыў бойынша басламамызды мақуллайсыз, деп исенемен.

Сондай-ақ, Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң қәнигелескен халықаралық структуралар менен әмелий бирге ислесиўин күшейтиў зәрүр. Атап айтқанда, Тәбийғый апатшылықлардың қәўпин азайтыў глобал қоры, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Тәбийғый апатшылықларды азайтыў бойынша халықаралық стратегиясы хаткери, Айрықша жағдайларда ҳәрекетлениў орайының қоры сыяқлы халықаралық структуралар менен тығыз байланысларды орнатыў бойынша Шөлкемимиз секретариаты өз алдына шуғылланса, мақсетке муўапық болады, деп ойлайман.

Ҳүрметли саммит қатнасыўшалары!

Сөзимниң соңында және бир әҳмийетли мәселеге дыққатыңызды қаратпақшыман. Шөлкемимиздиң бир қатар мәмлекетлери сиясий ўақыялар, атап айтқанда, әҳмийетли сайлаўлар алдында тур. Бул илажлар жоқары дәрежеде ҳәм табыслы өтиўин шын кеўилден тилеп қаламан.

Быйыл Түркия Республикасы дүзилгениниң 100 жыллығы белгиленеди.

Сөзсиз, соңғы жигирма жылда туўысқаным, ҳүрметли Режеп Таййип Эрдоғанның басшылығында Түркия Республикасының халықаралық майдандағы абырайы менен дәрежеси кескин жоқарылады. Мәмлекеттиң глобал экономика ҳәм сиясаттағы орны ҳәм тәсири избе-из артып бармақта.

Заманагөй ҳәм қүдиретли Түркияның ҳәзирги барлық жетискенликлеринде ҳәм ерисип атырған үлкен шеклеринде ҳүрметли Президенттиң теңсиз хызметлериниң бар екенлигин айрықша атап өтемиз. Соның ушын, барлық туўысқан халықларымыздың атынан түрк елине мүрәжат етип, сайлаўларда ҳүрметли Режеп Таййип Эрдоғанның кандидатурасын толық қоллап-қуўатлаўға шақырамыз.

Бизиң мине, усы улыўма қәлеўимиз бүгин қабыл етилип атырған Анқара декларациясында өзиниң көринисин табыўы мақсетке муўапық.

Пурсаттан пайдаланып, сизлерди кирип киятырған бәҳәр ҳәм жаңаланыў байрамы – Наўрыз ҳәм Рамазан айы менен қызғын қутлықлайман.

Итибарыңыз ушын рахмет.