Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның мирәтине бола Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң гезексиз саммитинде қатнасыў ушын 15-16-март күнлери әмелий сапар менен Анқара қаласында болды.

16-март күни Анқара қаласында Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң гезексиз саммити өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткен илажда Түркия Президенти Режеп Таййип Эрдоған, Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәтиниң Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов, Әзербайжан Президенти Илҳам Алиев, Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Қырғызстан Президенти Садир Жапаров, Венгрияның Бас министри Виктор Орбан, ТМШ Бас хаткери Кубаничбек Омуралиев ҳәм Шөлкем институтлары ҳәм структураларының басқа да ўәкиллери қатнасты.

Күн тәртибине муўапық, айрықша жағдайларды басқарыў ҳәм гуманитарлық жәрдем көрсетиў тараўында көп тәреплеме бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары ҳәм тәбийғый апатшылықлардың алдын алыў ҳәм ақыбетлерин сапластырыў бағдарындағы ҳәрекетлерди муўапықластырыў мәселелери додаланды.

Саммит алдынан қатнасыўшылар 6-февраль күни Түркияның қубла-батыс аймақларында жүз берген ўайран етиўши жер силкиниўлер қурбанларының естелигине ҳүрмет көрсетти.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде атап өткениндей, бүгинги ушырасыў ҳәм апатшылық күнлеринде Шөлкем мәмлекетлери Түркияға көрсеткен дослық жәрдеми түркий халықлар ең аўыр мәўритлерде бир-бирине беккем таяныш ҳәм сүйениш болып атырғаны, олардың дослығы ҳәм тилеклеслиги қүдиретли күш екениниң айқын әмелий дәлийли болып табылады.

– Досларымыз диярында жүз берген ҳәм мисли көрилмеген аўыр ақыбетли жер силкиниўи бәршемиздиң кеўлимизге шексиз қайғы ҳәм дәрт салды. Бул жоғалтыўдың орнын ҳеш нәрсе менен толтырып болмайды. Бул аянышлы апатшылық нәтийжесинде бизлердиң жаннан әзиз ата-аналарымыз, аға-инилеримиз, апа-қарындасларымыз ҳәм перзентлеримиз қурбан болды ҳәм жәбирленди, – деди Шавкат Мирзиёев. – Биз аянышлы апатшылықта қурбан болған он мыңлаған бийгүна инсанлардың естелигин ҳеш қашан умытпаймыз.

Өзбекстан жетекшиси өмирден биймезгил көз жумған барлық инсанлардың жарқын естелигине айрықша ҳүрмет белгиси сыпатында 6-февраль сәнесин Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңберинде Қурбанларды еслеў ҳәм тилеклеслик күни, деп жәриялаўды усыныс етти.

Президент Режеп Таййип Эрдоған басшылығында тәбийғый апатшылық ақыбетлерин сапластырыў бойынша алып барылып атырған илажлар ҳәм қабыл етилген бағдарламаларды айрықша атап өтип, мәмлекетимиз басшысы жеделлик пенен әмелге асырылған анық ҳәм нәтийжели ҳәрекетлер себепли көплеген инсанлардың өмири ҳәм денсаўлығы сақлап қалынғаны, үлкен муғдардағы қаржылар топланып, кең көлемли қайта тиклеў жумысларының басланғанын айрықша атап өтти.

– Ҳәзирги сынаўлы дәўирде туўысқан түрк халқы Түркия жетекшиси әтирапында бирлесип, өзиниң шексиз мәртлиги, күшли ерк-ықрары ҳәм жоқары руўхын көрсетти, – деди Өзбекстан Президенти.

Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан бүлинген қала ҳәм аўылларды, социаллық ҳәм санаат объектлерин тиклеў ҳәм жаңаларын қурыў жумысларына жәрдем бериў ҳәм биргеликтеги ҳәрекетлерди қаратыўға таяр екени атап өтилди.

– Буннан тысқары, зыян көрген аймақлардан жасы үлкен инсанлар ҳәм нураныйларды елимизде денсаўлығын тиклеў ҳәм дем алыўы, сондай-ақ, Имам Бухарий, Имам Термизий, Имам Матуридий, Баҳаўаддин Нақшбанд сыяқлы уллы ата-бабаларымыздың қәбирлерин зыярат етиўи ушын барлық қолайлы шараятларды жаратып беремиз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Сондай-ақ, Түркияның жәбир көрген Ҳатай провинциясының жаслары усы жаз мәўсиминде Өзбекстанға мирәт етилди. Олар ушын мазмунлы дем алыў, ески Самарқанд, Бухара ҳәм Хийўа қалаларына сапарлар, елимиздеги заманласлары менен биргеликте илажлар шөлкемлестириледи.

Мәмлекетимиз басшысы Түркий мәмлекетлер шөлкеми мәмлекетлери жайласқан аймақлар өзиниң географиялық ҳәм геологиялық өзгешеликлерине бола тәбийғый апатшылық ҳәм қәўип-қәтерлер жедел жүз беретуғын мәкан есапланатуғынына итибар қаратты.

– Тилекке қарсы, кейинги жылларда глобаллық климат өзгерислери бундай ўайран етиўши ҳәдийселердиң көлеми ҳәм зыянын кескин арттырмақта, – деди Шавкат Мирзиёев.

Айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм олардың ақыбетлерин сапластырыў мақсетинде Шөлкемниң Системалы бирге ислесиў платформасын шөлкемлестириў ҳәм оның тийкарында бир қатар анық механизмлерди жаратыў басламасы алға қойылды.

Соның ишинде, Шөлкем шеңберинде тәбийғый апатлар ҳәм айрықша жағдайлардың алдын алыўға қаратылған көп тәреплеме келисимди жедел ислеп шығыў айрықша әҳмийетке ийе. Бул бағдарда Өзбекстан Түркия тәрепи усынған пуқараларды қорғаў бойынша система жаратыў ҳаққындағы ҳүжжет жойбарын толық қоллап-қуўатлайды.

Айрықша жағдайлар бойынша министрликлер арасындағы шериклик байланысларын кескин жеделлестириў керек екени атап өтилди. Олардың гезектеги мәжилисинде ең тийкарғы бағдарлар бойынша қоспа ҳәрекетлер бағдарламасын ислеп шығыў усыныс етилди.

Тәбийғый апатлардың социаллық ҳәм экономикалық ақыбетлерин сапластырыўда жақыннан жәрдем көрсетиў механизмлерин енгизиў мақсетке муўапық екени айрықша атап өтилди. Азық-аўқат өнимлери ҳәм қурылыс материалларын иркинишсиз жеткерип бериў, санаатты тиклеўге қаратылған кооперация жойбарларын иске қосыў усынысы алға қойылды.

– Илимий ҳәм технологиялық тараўларда ерисилген жетискенликлерге қарамастан, жер силкиниўлер, сел ҳәм суў тасқынлары, тоғай өртлери, боранларды алдыннан анықлаў ҳәм ерте ескертиў елеге шекем әҳмийетли ўазыйпа болып қалмақта. Бул процесслерди терең үйрениў, тараўға илим ҳәм технологияларды кеңнен енгизиў үлкен унамлы нәтийже беретуғыны анық, – деди Өзбекстан жетекшиси.

Соннан келип шығып, мәмлекетимиз басшысы Шөлкем шеңберинде Тәбийғый апатлар мониторинги ҳәм қәўипли орайды дүзиў және оны Ташкентте жайластырыў басламасын алға қойды.

Буннан тысқары, Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң айрықша жағдайларға қәнигелескен халықаралық структуралар менен әмелий бирге ислесиўин күшейтиў керек екенине айрықша итибар қаратылды.

Сөзиниң жуўмағында Өзбекстан Президенти Шөлкемдеги бир қатар мәмлекетлерде болажақ әҳмийетли сиясий ўақыялар, соның ишинде, сайлаўлардың табыслы өткерилиўин тиледи ҳәм жақынласып киятырған бәҳәр, жаңаланыў байрамы – Наўрыз ҳәм мүбәрек Рамазан айы менен қутлықлады.

Саммит жуўмағында Анқара декларациясы қабыл етилди, Түркий инвестициялық фондын дүзиў ҳаққында келисимге қол қойылды ҳәм пуқараларды қорғаў механизмин қәлиплестириў бойынша келисимди таярлаў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркий мәмлекетлер шөлкеми гезексиз саммитиниң тийкарғы илажлары шеңберинде Венгрияның Бас министри Виктор Орбан менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыў алдынан мәмлекетимиз басшысы Бас министр ҳәм дос венгер халқын миллий байрам – Венгрия революция күни менен қызғын қутлықлады.

Еки тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықлары ҳәм көп қырлы бирге ислесиў жедел раўажланып атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Мәмлекетлеримиздиң жетекши компанияларының қатнасыўындағы қоспа инвестициялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм жеделлестириў мәселелери көрип шығылды.

Тиккелей авиақатнаўларды жолға қойыў ҳәм Өзбекстан ҳәм Венгрия кәрханаларының нәтийжели кооперациясы ушын өндирис майданын шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылды.

Халықаралық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысылды.

Мәмлекетимиз басшысы саммит шеңберинде Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов пенен де ушырасыў өткерди.

Өткен жылғы тарийхый әҳмийетке ийе жоқары дәрежедеги сапарлар даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Түрли дәрежедеги жедел сөйлесиў ҳәм алмасыўлар, жақында өткен Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилисиниң нәтийжели жуўмақлары, товар алмасыў көрсеткишлериниң артып атырғаны ҳәм тийкарғы тармақларда шериклик кеңейип атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

«Шават-Ташаўыз» шегара алды саўда зонасын шөлкемлестириў жумысларын баслаў ҳәм энергетика, машина қурылысы, транспорт ҳәм логистика, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тармақларда әҳмийетли кооперация жойбарларын алға қойыўға итибар қаратылды.

Регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери додаланып, болажақ илажлар режеси көрип шығылды.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Түркия Республикасына әмелий сапары жуўмақланды.

ӨзА