Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде усы атамада Сағындық Ниетуллаевтың 70 жыллығына бағышланған Республикалық илимий конференция болып өтти.
Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ўәкиллери, С.Ниетуллаев пенен бирге ислескен дослары, кәсиплеслери, илимпазлар, жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар қатнасты.
Конференцияны университет ректоры А.Реймов алып барды.
Илажда Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының ректоры, филология илимлериниң докторы, профессор Қ.Оразымбетов, юридика илимлериниң докторы, профессор Л.Қутыбаева, филология илимлериниң кандидаты Ж.Есенов ҳәм басқалар илимий баянатлар менен шығып сөйлеп, С.Ниетуллаевтың өмир жолы, дөретиўшилиги, сиясий искерлиги туўралы кең түрде мағлыўмат берди. Оның мәмлекетлик ғайраткер, илимпаз ҳәм шайыр, ҳуқықтаныўшы илимпаз-профессор сыпатындағы мийнетлери, илимий жумыслары, дөретиўшилиги талқыланып, үлги етип көрсетилди.
Сондай-ақ, илажда республикамызға белгили мәмлекетлик ғайраткер, нураный Қ.Камалов, академик Ж.Базарбаев, Ш.Уснатдинов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, С.Ниетуллаевты ҳәм оның әмелге асырған жумысларын еске түсирди.
Оның хызметлери мәмлекет тәрепинен ылайықлы баҳаланып «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери» ҳүрметли атағы, сондай-ақ, бир неше медаль ҳәм көкирек белгилери менен сыйлықланған.
Атап өтилгениндей, Сағындық Ниетуллаев қарақалпақ халқының социаллық, жәмийетлик, сиясий раўажланыў тарийхындағы белгили ири ғайраткерлердиң – ел басшыларының арасындағы ири тулғалардың бири сыпатында айрықша тилге алынады. Оның республикамыздың социаллық-экономикалық, илимниң, мәденияттың раўажланыўына қосқан үлеси айрықша.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.
(Б.Ибрагимовтың түсирген сүўретлери).