Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 16-март күни Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң гезексиз саммитиниң тийкарғы илажлары шеңберинде Венгрия Бас министри Виктор Орбан менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыў алдында мәмлекетимиз басшысы Бас министр ҳәм дос венгер халқын миллий байрам – Венгрия революциясы күни менен қызғын қутлықлады.

Еки тәреплеме стратегиялық шериклик қатнасықлары ҳәм көп қырлы бирге ислесиўдиң жедел раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Мәмлекетлеримиздиң жетекши компанияларының қатнасыўындағы биргеликтеги инвестициялық жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм тезлестириў мәселелери көрип шығылды.

Тиккелей авиақатнаўларды жолға қойыў, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Венгрия кәрханаларының нәтийжели корпорациясы ушын өндирис майданын шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылды.

Халықаралық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысылды.

ӨзА