Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 15-март күни БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқарғы комиссары Фолькер Тюркти қабыллады.

Инсан мәплерин алға қойыў ҳәм ҳуқықларын қорғаўда Өзбекстан менен БМШ структуралары арасындағы конструктивлик қарым-қатнас ҳәм әмелий бирге ислесиўди және де раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы кейинги жыллары БМШ пенен усы тараўдағы бирге ислесиўде жоқары дәрежеге ерисилгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтип, инсан ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Турақлы раўажланыў мақсетлерине толық үнлес болған Өзбекстандағы реформалар стратегиясының баслы бағдары екенин атап өтти.

БМШ Жоқарғы комиссары Өзбекстанның балалар ҳәм мәжбүрий мийнетти сапластырыў, гендер теңликти әмелге асырыў, суд уйымларының ғәрезсизлигин ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў бағдарындағы табысларын жоқары баҳалады.

Инсан ҳуқықлары улыўма жер жүзилик декларациясының 75 жыллығында Инсан ҳуқықлары тараўындағы Миллий билимлендириў бағдарламасының қабыл етилгени, мәмлекетимиз БМШтың Майыплар ҳуқықлары ҳаққындағы конвенциясын ратификациялағаны, қыйнаўлардың алдын алыў бойынша пуқаралық жәмийети институтлары қатнасыўындағы превентивлик механизм жаратылғаны, сондай-ақ, қарама-қарсылықлы аймақлардан ҳаял-қызлар ҳәм балалар өз елине қайтарылғаны, олардың қайта социаллық интеграцияласыўы ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылғаны айрықша атап өтилди.

Өзбекстан БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесине 2021-2023-жыллар дәўирине сайланғаны ҳәм мәмлекетимиз тәрепинен алға қойылған басламалар тийкарында жаслар ҳуқықларына байланыслы Кеңестиң бир қатар резолюцияларының қабыл етилгени инсан ҳуқықларын тәмийинлеў бағдарындағы жетискенликлердиң кеңнен тән алыныўы болды.

Жоқарғы комиссар БМШ структураларының Өзбекстандағы артқа қайтпас реформаларды қоллап-қуўатлаўды даўам еттириў нийетиниң исенимли екенин тастыйықлады. Инсан ҳуқықларын мониторинг етиўде пуқаралық жәмийети институтларының ролин күшейтиў, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм пенитенциар мәкемелердиң хызметкерлерин оқытыў бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға таяр екенлигин билдирди.

Ушырасыў жуўмағында конструктивлик қарым-қатнасты және де беккемлеў ҳәм әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў, соның ишинде, биргеликтеги бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимге ерисилди.

ӨзА