Усы жыл 15-март күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. Орынбаев Тахтакөпир районының ең шетки Қоструба аўылында болып, аймақ турғынлары менен ушырасты.

Бүгинги күнде Президентимиздиң басшылығында шетки аймақ турғынларының машқалаларын үйрениў, оларды унамлы шешиў, күнделикли турмысында  ушырасып атырған қыйыншылықларды жеңиллетиў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылмақта. Усы мақсетте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы 2022-жылдың ноябрь айында усы аўылдың турғынлары менен ушырасқан еди. Усы ушырасыўда билдирилген мүрәжатлардың шешими ҳәм жуўапкерлерге берилген тапсырмалардың нәтийжеси менен жақыннан танысып, пуқаралар менен сәўбетлести.



Соның менен бирге, алдынғы жеке қабыллаўда билдирилген мүрәжатлардың көпшилиги өз шешимин тапқанлығын атап өтиў орынлы. Атап айтқанда, аймақтағы 27 хожалық газ плитасы менен тәмийинленди. Пуқаралар жыйыны имаратын қурып бериў бойынша билдирилген мүрәжат та унамлы шешимин тапты. Аўылға исбилерменлер тәрепинен айына 2 мәрте азық-аўқат өнимлерин алып келиў ушын транспорт ажыратылды. Халық билимлендириў министрлигиниң усынысы тийкарында С.Бузғулбаева НМПИдиң Баслаўыш тәлим бағдары бойынша оқыўға қабылланды. Оның шәртнама пулының 50 проценти төлеп берилди. Аймақтағы мектеп филиалын тәжирийбели муғаллимлер менен тәмийинлеў, оларға квота ажыратыў мәселеси де унамлы шешилди. Пуқара И.Тлеўмуратов қарақалпақ тили қәнигелиги бойынша жумысқа орналастырылды. Аўылға  бир медициналық контейнер орнатып берилди.

Гезектеги ушырасыўда да бир қатар пуқаралардың өтиниш-тилеклери тыңланды ҳәм олардың көпшилиги орнында шешимин тапты. Атап айтқанда, билдирилген мүрәжатлар бойынша жоқары оқыў орнында оқып атырған аймақ турғынларының шәртнама пуллары төленип, өзин-өзи бәнт етиў тилегиндеги  пуқараларға кондитер печ, тигиў машиналары,  жоқары оқыў орынларында оқыўды қәлеўши пуқараларға да жәрдем берилетуғын болды.




Елимизде алып барылып атырған реформалардың мазмун-мәнисиниң  ҳәр бир шаңараққа жетип барыўын тәмийинлеў жолындағы жумыслар даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги