Усы жыл 13 ҳәм 14-март күнлери кураш бойынша “Биз Президент палўанларымыз” сүрени астында Нөкис қаласы прокурорының кубоги ушын жарыс болып өтти.

Улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары арасында өткерилген жарыста 9 командадан 64 спортшы қатнасты.

Жарыстың ашылыў салтанатында Нөкис қаласының прокуроры Р.Баўатдинов, Өзбекстан кураш федерациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң атқарыўшы директоры С.Жүсипбеков сөзге шығып, Президентимиздиң басламасы менен елимизде спортты, соның ишинде, миллий курашты раўажландырыўға қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, халықтың барлық қатламларын кураш пенен шуғылланыўға кеңнен тартыў, оны халықаралық спорт түрине айландырыў ҳәм ғабала ен жайдырыўда Президентимиздиң 2020-жыл 4-ноябрьдеги “Кураш миллий спорт түрин раўажландырыў ҳәм оның халықаралық абырайын буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында”ғы  қарары айрықша әҳмийетке ийе болды. Қарардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша республикамызда бир қатар илажлар өткерилмекте.






Жарыс жуўмағында өз салмақ категорияларында 4-7-класс оқыўшылары арасында 25-санлы улыўма билим бериў мектебинен Мейрамбек Жолдыбаев, Шерзад Медетбаев, 4-санлы улыўма билим бериў мектебинен Бийсултан Қоңыратбаев, 1-санлы улыўма билим бериў мектебинен Ерназар Жолдасбаев, 16-санлы улыўма билим бериў мектебинен Нурислам Ибрагимов, қызлар арасында 25-санлы улыўма билим бериў мектебинен Тумарис Қосбаева, 16-санлы улыўма билим бериў мектебинен Нуржайна Нуратдинова, 8-11-класс оқыўшылары арасында 19-санлы улыўма билим бериў мектебинен Алпамыс Мамутов, 20-санлы улыўма билим бериў мектебинен Дамир Атаниязов, 3-санлы улыўма билим бериў мектебинен Әдил Турсынғалиев, 21-санлы улыўма билим бериў мектебинен Айнатдин Қалбаев, 48- санлы улыўма билим бериў мектебинен Қуяш Өскинбаевлар биринши орынларды ийелеп, жеңимпаз болды.






Жарыс жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелерине Нөкис қаласы прокуратурасы тәрепинен  диплом, кубок ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги