Кеше Ташкенттеги Бунёдкор стадионында футбол бойынша U-20 Азия кубоги жарысының ярым финал ушырасыўы болып өтти.
Онда Равшан Хайдаров басшылығындағы Өзбекстан сайланды командасы ағзалары өзлериниң әзелий қарсыласларының бири Қубла Корея сайланды командасы менен ушырасты.
Пенальтилер сериясына шекем дәрўазаларға гол урылмаған бул кескин ойында, өзбекстанлы футболшылар 3-1 есабында жеңиске ерисиўге миясар болды. Атап айтатуғын болсақ, пенальтилер сериясында Өзбекстан сайланды командасының дәрўазаманы Атабек Баймуратов өзиниң шеберлигин көрсетип, кореялы футболшылар тәрепинен дәрўазаға тебилген 4 топтың үшеўин иркип қалыўға еристи ҳәм команданы келеси басқышқа алып шықты.
Азия кубогиниң екинши ярым финалында болса, Ирак сайланды командасы футболшылары Японияға қарсы майданға түсти. Бул ойынның тийкарғы ўақты 1-1 есабында жуўмақланған болса, ушырасыўға қосып берилген еки бөлимде еки команда да бир голдан урыўға миясар болды.
Буннан соң пенальтилер сериясына нәўбет берилип, онда ираклы футболшылар өз қарсыласларын 5-3 есабында жеңип шығыўға еристи.
Солай етип өткерилген еки ярым финал ойыны жуўмағында Өзбекстан сайланды командасы Ирак пенен алтын медал ушын гүрес алып баратуғын болды. Финал ушырасыўы 18-март күни Бунёдкор стадионында болып өтеди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы