БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқарғы комиссары Фолькер Тюрк басшылығынағы делегация мәмлекетимизге сапары даўамында республикамызда да болды.

Дәслеп делегация ағзалары ушын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде қабыллаў болды. Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев мийманларды республикамызға сапары менен қутлықлап, Президентимиздиң басшылығында Аралбойын социциаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, бүгинги күнниң баслы машқаласы болған экологиялық жағдайды турақластырыў, халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар, олардың орынланыўы бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.

Әлбетте, бул реформалардың түп мәниси инсан ҳәм оның бахытлы келешегин тәмийинлеў болып табылады.

БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқарғы комиссары Фолькер Тюрк жыллы жүзлилик пенен қабыл еткенлиги ушын Жоқарғы Кеңес Баслығына миннетдаршылық билдирди. Ушырасыў барысында инсан ҳуқықларын тәмийинлеў бағдарындағы бир қатар жумыслар сөз етилди.

Буннан соң мийманлар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде де болды. Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, сенатор А.Данияров пенен болған ушырасыўда жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың қәбилетин, талант ҳәм уқыплылығын жүзеге шығарыў, машқалаларына системалы түрде шешим табыў бағдарында елимизде алып барылып атырған жумыслар бағдарында сөйлесилди.



Күнниң екинши ярымында БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқарғы комиссары Фолькер Тюрк Нөкис қаласындағы Әмиўдәрья мәкан пуқаралар жыйынындағы 21-санлы улыўма билим бериў мектеби жанында бир қатар нураныйлар, мәҳәлле белсендилери менен ушырасты.

Ушырасыўда қысқа ўақыт ишинде мәҳәлледе Президентимиз тапсырмасы менен пуқараларға мүнәсип шараят жаратыў бойынша әмелге асырылған қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары, көп миллетли аймақ турғынларының татыўлықта өмир сүрип атырғаны бойынша сөз етилди.




Сондай-ақ, мийманлар И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде болды.

Усының менен БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқарғы комиссары Фолькер Тюрк басшылығындағы делегацияның республикамызға сапары жуўмақланды.



Қарақалпақстан хабар агентлиги